Конституциямыздың жойбарын додалаўдан баслап оны қабыл еткенге шекемги дәўирде өткерилген улыўмахалықлық додалаўларда миллионлаған ўатанласларымыз белсене ҳәм мүнәсип қатнасты.

Усы көзқарастан қарағанда, жаңаланған Конституциямыздың ҳақыйқый авторы халқымыз болды, деп айтыўға бәрше тийкарларымыз бар.

Ең әҳмийетлиси, енди реформаларымыз жолынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз, «инсан-жәмийет-мәмлекет», деген жаңа система тийкарында тек ғана алдыңға қарап барамыз!,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Әлбетте, халқымыздың референдумдағы даўысы, билдирген жоқары исеними бәршемизге үлкен жуўапкершилик жүклеўи, ел-халқымызды разы етиў ушын бизди жаңа шеклерге ийтермелеўи, реформаларды жедел даўам еттириўде және де үлкен күш-ғайрат ҳәм илхам бағышлайтуғыны атап өтилди.

«Өзиниң жоқары пуқаралық миннетин шын кеўилден орынлап, Тийкарғы нызамымызды қабыл етиўде әмелий усыныс ҳәм басламалары, идея ҳәм пикирлери менен белсене қатнасқан көп миллетли, мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға тәжим етемен»,-деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги