Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинен алдын Конституция бойынша референдум жуўмақларына тоқтап өтти.

Хабарыңыз бар, усы жылы 30-апрель күни мәмлекетимиз турмысында сөзсиз түп мәнистеги үлкен тарийхый ўақыя болып өтти. Биринши рет улыўмахалықлық референдум тийкарында жаңаланған Конституциямызды қабыл еттик.

Референдумда қатнасқан пуқараларымыздың көпшилиги «Бул – мениң Конституциям», деп мақтаныш пенен даўыс берди.

Референдум кейинги жылларда халқымыздың сиясий сана-сезими, ҳуқықый мәденияты ҳәм дүньяға көзқарасын қаншелли арттырғанын әмелде көрсетти.

Бул тарийхый таңлаў арқалы халқымыз буннан алты жыл алдын баслаған реформаларымызға үлкен исеним менен қарап, оларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте көрсетти», – деди мәмлекетимиз басшысы.

Елимиздиң, мине, усындай қарары тийкарында мәмлекетшилигимиз ҳәм экономикамызды буннан кейин да турақлы раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратылғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги