Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Халықаралық футбол федерациясының басшысы Жанни Инфантино менен 5-май күни өткерген ушырасыўында мәмлекетимизде футболды ғалаба ен жайдырыў ҳәм ири илажларды биргеликте өткериў мәселелери көрип шығылды.

Абырайлы глобаллық спорт шөлкеминиң баслығы мәмлекетимизде футболды раўажландырыў, оған жасларды кеңнен тартыў, талантлыларды тәрбиялаў, ғалабалық ҳәм заманагөй инфраструктураны жаратыў, маман тренерлер ҳәм тараў қәнигелерин таярлаў бойынша алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалады ҳәм толық қоллап-қуўатлады.

Жанни Инфантино Өзбекстан жетекшисин жаслар сайланды командамыз жақында Азия Кубогинде жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлады. Бул тараўда әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар нәтийжелилигиниң гезектеги тастыйығы екенин атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм ФИФА арасындағы тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиў жоқары дәрежеде екени, оның шеңберинде бүгинги күнде мәмлекетимизде заманагөй футбол кластерин шөлкемлестириў илажларының көрилип атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.


Өзбекстанда дүнья көлеминдеги спорт илажлары ҳәм бириншиликлерине таярлық көриў, өткериў, миллий сайланды команданы таярлаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм Ассоциациямыз потенциалын арттырыўға  техникалық жәрдемди кеңейтиў ҳәм талантлы футболшыларды таңлап алыў системасын ислеп шығыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ӨзА