Усы жыл 6-май күни Нөкис қаласындағы Гөне қала мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан Миллий гвардия хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы жаңа турақ жайдың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев имарат ийелерин жаңа қонысқа көшип келгенлиги мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының 30 хызметкерине жаңа үйлердиң гилтлерин тапсырды.


Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Елимиз тынышлығын қорғаў, пуқараларымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде әскерий хызметкерлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында қурып питкерилген турақ жайлардың басланғыш төлемлери мәмлекетимиз тәрепинен төлеп берилген болып, бул әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслардың және бир әмелий көриниси есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тəрепинен дерлик 7 миллиард сум қаржы ажыратылды ҳəм усының есабынан 5 қабатлы, 30 квартиралы турақ жай қурып питкерилди. Бул хызмет үйинде 2 ханалы 10 квартира, 3 ханалы 15 квартира, 4 ханалы 5 квартира жайласқан болып, оларда Миллий гвардия хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.




Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги