Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-май күни бирликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслығы, Франция сыртқы саўда, экономикалық тартымлылық мәселелери ҳәм сырт елдеги француз пуқараларының жумыслары бойынша министр-делегаты Оливье Бешт басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Мәмлекетимизде Францияның жетекши компания ҳәм шөлкемлериниң қатнасыўындағы саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўдиң анық жойбарларын әмелге асырыў ҳәм жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында министр Оливье Бешт Франция Президенти Эммануэль Макронның қызғын сәлеми ҳәм жеке хатын жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы 5-май күни Ташкент қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм «MEDEF» ҳәрекети исбилерменлер миссиясы усы жылы апрель айында мәмлекетимизге әмелге асырған сапардың пайдалы нәтийжелерин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

«Жасыл» экономика, қазып шығарыў тармағы, туризм инфраструктурасы ҳәм коммуналлық тармақларды модернизациялаў, басқа да тийкарғы бағдарларда әмелге асырылып атырған стратегиялық жойбарлардың избе-из алып барылып атырғаны атап өтилди.

Франция компанияларында қала қурылысы, транспорт, тоқымашылық санааты, жаңа түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығы артып бармақта.

Өзбекстан жетекшиси Өзбекстан-Франция саўда палатасын шөлкемлестириў ҳәм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын енгизиў бағдарындағы режелерди қоллап-қуўатлады.

ӨзА