Өзбекстан Республикасы  Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 4-май күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен өткерген телефон арқалы сөйлесиўинде қоспа кооперация жойбарларын жеделлестириў ҳәм саўда қатнасықларының пәтин тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдынан Беларусь Президенти мәмлекетимиз басшысын усы жылы 30-апрель күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў бойынша референдум табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Президентлер Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы шеңберинде бир қатар еки тәреплеме илажлар өткерилмекте. Өз-ара товар алмасыў көлеми ҳәм қоспа кәрханалар саны артпақта.

Қабыл етилген «жол картасы» тийкарында машина қурылысы, фармацевтика, аўыл хожалығы, электротехника ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясы бойынша қоспа жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Оларды жеделлестириў ушын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў ҳәм жедел аймақлараралық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА