Ҳәзирги күнде елимизде кәсиплик аўқамлары системасында 34 мыңнан аслам басланғыш шөлкемлер нәтийжели жумыс алып барып, тараў бойынша 6 мың 700 ден аслам хызметкер ҳәм 300 мыңға шамалас белсендилер пидәкерли хызмет етпекте. Мәмлекетимиздиң кәсиплик уйымлары өз қатарларында 5,5 миллионнан аслам хызметкерлерди бирлестирген ең ири жәмийетлик шөлкем болып есапланады.

Оның ағзаларының саны турақлы түрде көбейип бармақта. Соның ушын да ҳәр жылы 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни елимиздиң барлық жумысшы-хызметкерлери тәрепинен әҳмийетли сәне сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.

Президентимиздиң 2022-жыл 11-ноябрьдеги Өзбекстан кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәм ағзаларына жолланған байрам қутлықлаўында 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине мийнеткешлер байрамы, улыўма халықлық байрамы статусын бериў ҳәм усы күнди дем алыс күни деп белгилеў усыныс етилген еди. Соннан келип шығып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 208-статьясына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.

Бул нызам жойбары Нызамшылық палатасының бүгинги мәжилисинде екинши оқыўда додаланды. Усы нызам жойбары менен 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин жумыс исленбейтуғын байрам күни сыпатында белгилеў нәзерде тутылмақта.

Депутатлар нызам жойбарының қабыл етилиўи хызметкерлердиң кәсиплик, мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳуқықларын тәмийинлеў системасын және де күшейтиўге хызмет ететуғынын атап өтип, оны қабыллады.

Муҳтарама Комилова,  

ӨзА