Сенаттың қырқыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Тәжикстан Республикасы арасында форс-мажор жағдайларда мәмлекетлик авиациясының ҳаўа кемелери тәрепинен ҳаўа аймағы ҳәм аэродромлардан пайдаланыў тараўында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Душанбе, 2021-жыл 10-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Келисимниң тийкарғы мақсети форс-мажор жағдайларында мәмлекетлик авиация ҳаўа кемелериниң ҳаўа аймағы ҳәм аэродромлардан пайдаланыў тараўында өз-ара бирге ислесиўдиң бирден-бир тәртибин белгилеўден ибарат.

Ҳүжжетке муўапық, форс-мажор жағдайлары пайда болғанда тәреплер мәмлекетлик ҳаўа аймағын қысқа мүддетли кесип өтиўге, өз аэродромларынан бирине резерв сыпатында қоныў ушын ушын руқсат бериўге ҳақылы екенлиги нәзерде тутылған.

Ҳүжжеттиң ратификацияланыўы пәрўазлар қәўипсизлигин және де тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жалпы мәжилисте мақулланған нызам еки мәмлекет арасындағы консруктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң логикалық даўамы болды. Бул регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, пүткил Орайлық Азияның турақлы раўажланыўына хызмет етеди.

Н.Абдураимова,  

ӨзА