Мәмлекетимиз басшысының Германияға сапары алдында «Berliner Zeitung» газетасында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германия Федерал Канцлери Олаф Шольц пенен ушырасыўына бағышланған мақала жәрияланды.

Бул басылым усы ўақыяға Өзбекстан ҳәм Германия қатнасықларының әҳмийетли дәўири деп сыпатлама бермекте. Онда атап өтилгениндей, 2016-жылдан берли мәмлекетте модернизациялаў бағдарламасын әмелге асырып атырған Өзбекстан басшысы Германия менен бирге ислесиўди беккемлеўге умтылмақта.

Өзбекстан басшысының салмақлы нәтийжелери көп, оған, әсиресе, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери ҳәм перспективалары мысал болып, бул ҳәзирги заман шақырықлары шараятында ЕА ушын исенимли итибар объекти болыўы мүмкин. «Berliner Zeitung»те атап өтилиўинше, сапар күнлери Германия ҳүкиметинде Өзбекстанды Европаға және де жақынырақ тартыў имканияты болады.

Басылым оқыўшыларына усы күнлери республикамызда тарийхый «модернизация жолындағы референдум» болып өткени ҳаққында хабар берип, Шавкат Мирзиёев Германияға Өзбекстан ушын түпкиликли бурылыс жасап атырған ўақытта келгенин жазбақта. Жаңаланған Конституцияға киргизилип атырған бир қатар нормаларды санап өткен ҳалда немис медиа-баспасы конституциялық реформаны даўыс берген пуқаралардың 90 проценттен артығы мақуллағанын  билдирмекте. Бул Канцлер Олаф Шольц Өзбекстан тарийхында узақ ўақытқа из қалдырған өзине исенген Президент пенен ушырасатуғынын билдиреди.

«Шавкат Мирзиёев мәмлекетти келешекке жедел жетеклеп атырғанын ҳеш ким бийкарлай алмайды: бурынғы дүзим сыншылары қамақханалардан азат етилди, онлайн-медиа тараўының жумысын либералластырыўға ерисилди, сөз еркинлиги кеңейди, ҳуқық қорғаў уйымларының зорлығы шекленди. Өзбекстан Президенти экономиканың ашықлығы ҳәм туризм тараўының жедел пәтлерде раўажланыўы ушын жуўапкер»,-деп жазбақта газета.

«Berliner Zeitung» Германия жоқарыда атап өтилген реформаларға қандай мүнәсибет билдириўи керек екенлиги ҳаққында да жазған. Атап өтилиўинше, Батыс шерикликти жолға қоймақта ҳәм Өзбекстандағы таң қаларлық дәрежедеги унамлы процесслерди тән алмақта. Ҳәзирги ўақытта бул Орайлық Азия республикасы саўдасының дерлик 30 проценти ЕА үлесине туўра келмекте, онда Германия ең әҳмийетли шерик болып есапланады.

Ҳәзирги ўақыялардың раўажланыўы тек ғана Өзбекстан емес, ал Германия тәрепи ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстанлылардың саны барған сайын артып бармақта, 36 миллионлық халықтың орташа жасы дерлик 27 жасты қурамақта. Басылымның атап өтиўинше, бундай жас әўлад Европаның қайсыдур шетинде бар екенлиги белгисиз. Бул мәмлекет жаслары ЕА, Германияла жумысқа жайласыўы мүмкин. Усы тәризде ҳәр еки тәреп те бирге ислесиўден пайда көреди. Батыстың Өзбекстан либералластырыў процесин әмелге асырыўды режелестирмекте ме, деген сораўға келсек, мәмлекетте демократияластырыўға умтылыў оғада исенимли түрге енгени атап өтилген. Конституциялық реформа жәрдеминде мәмлекет демократия, социаллық әдиллик, теңлик ҳәм еркинлик қәдириятларына садықлыққа умтылмақта.

Медиа-баспа Өзбекстан аналитикалық орайлары экспертлери делегациясының ағзасы Акрамжан Неъматовтың пикиринен силтемелер келтирмекте: «Шавкат Мирзиёев мүрәжат пенен келди, әдалатлы, адамгершиликли, дүньялық ҳуқықый мәмлекет қурмақтамыз, дегенде биз нени нәзерде тутамыз?». Бул ҳаққында Германияның халықаралық қатнасықлар ҳәм қәўипсизлик институты (SWP) таллаўында да сөз болып, онда Өзбекстанның сиясий либерализацияға әҳмийетли сигналлары көрсетилген. SWP Германия ҳәм Европа мәмлекеттеги реформалар жолын қоллап-қуўатлаўы ҳәм бул ўақыяны тән алыўы ушын исенимли себеплерди көрмекте. Ҳәмме гәп сонда. Сәўбетлесиў қатнасыўшылары пүткил баслы тарийхты жаратыўы мүмкин. Олаф Шольцта оны әмелге асырыў имканияты бар, деп өз сөзин жуўмақламақта «Berliner Zeitung».

Berliner Zeitung («Берлинер Цайтунг») – Германияның дәслепки күнделикли газетасы болып оған Екинши жер жүзилик урысынан соң тийкар салынған. Ол Берлин-Бранденбург регионында тарқатылады. Тиражы дерлик 150 мың нусхадан ибарат, баспаның онлайн-порталын есапқа алсақ, оның аудиториясы 900 мың оқыўшыдан ибарат.

Өзбекстан басшысының сапары күнлери мәмлекетимизге байланыслы материаллар, сондай-ақ, ГФРдың бир қатар белгили ҒХҚларында да басып шығарылмақта. «Die Welt», «Wostok», «Berliner Telegraph», «Süddeutsche Zeitung», «Der Tagesspiegel», «Berlin Economics», «GTAI», «DeutschePresseAgentur Wolfsburger Nachrichten»  ҳәм басқа басылымлар солардың қатарына киреди. «NDR», «ARD», «RBB» ҳәм «Heimatjournal» телеканаллары тәрепинен болса ҳәр қыйлы видесюжетлер таярланған.

ӨзА