Өзбекстан БМШ Европа экономикалық комиссиясының радиоактив шығындылардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша усынысларды үйренип шықты ҳәм бул бойынша арнаўлы жумысшы  топарды дүзди.

Өзбекстан Қазақстан ҳәм Тәжикстаннан кейин аймақта бундай жумысшы топарды дүзген үшинши мәмлекетке айланған. Мәкемелераралық жумысшы топар санаат қәўипсизлиги, суў ресурслары ушын жуўапкер уйымлар, сондай-ақ, жекеменшик сектор, илимий топарлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында муўапықластырыў және бирге ислесиў ушын платформа ўазыйпасын атқарады.

Мағлыўматларға қарағанда бүгинги күнде Өзбекстанда 41 радиоактив ҳәм басқа да зиянлы шығындылар сақланатуғын орынлар бар. БМШтың Европа экономикалық комиссиясы Швейцария қоршағана-орталықты қорғаў федерал басқармасыныӊ экономикалық жәрдеми тийкарында усы топарға орынларда аймақлараралық дәрежеде шығындыханалардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселесин үйретеди.

БМШ хабарына бола, Өзбекстан дүньядағы үлкен алтын ҳәм уран қазып алыўшы мәмлекет есапланады. Келешекте бул тараўдағы өндирис көлеми және де көбейиўи күтилмекте, буның артынан радиоактив ҳәм зиянлы шығындыханалар да көбейеди.

ГулхатишаУразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарыныӊ студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги