Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Педагог хызметкердиң статусы ҳаққында»ғы нызам жойбары халық ўәкиллери тәрепинен қызғын додаланды.
Бул нызам жойбары бойынша Илим, билимлендириў, мәленият ҳәм спорт мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Эркин Зоҳидов баянат жасады:
– Мәмлекетимизде муғаллим ҳәм тәрбияшылардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин күшейтиў, билимлендириў системасын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў бойынша үлкен реформалар әмелге асырылды. Педагогларға мүнәсибет пүткиллей өзгерип, олардың мийнет ҳақысы бир неше мәрте арттырылды, жумыс жүклемелери қолайластырылды. Билимлендириў дәргайларындағы артықша қағазпазлыққа шек қойылып, нызамшылықта белгиленген 6 жумыс ҳүжжетинен басқа есабатлар жүргизилиўи қатаң қадаған етилди.
Бирақ бул педагоглардың жумысын толық орынлаўына, жетерли дәрежеде материаллық, жәмийетлик ҳәм кәсиплик жумысына нызамсыз араласыўлардан қорғаўға, ўазыйпаларына байланыслы болмаған жумысларға тартылмаўы ушын толық тийкар болып хызмет етпей атыр.
Усы нызам жойбары менен билимлендириў шөлкемлери педагог хызметкерлериниң ҳуқықлары, дәрежеси, қәдири ҳәм исшеңлик абырайы мәмлекеттиң қорғаўында болыўын кепиллеў мақсетинде лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери үстинен судқа мүрәжат еткенинде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиў усыныс етилмекте. Сондай-ақ, педагог хызметкерди лаўазым миннетлемеси ҳәм кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға, мәжилислер ҳәм басқа да илажларға тартыўды қадаған етиў, биринши мәрте кәсиплик жумыс баслап атырған шахсқа бир оқыў жылы дәўирине муғаллим-тәрбияшылықты әмелге асырыўшы педагог хызметкерди бириктириў нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлерди мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде мәжбүрий медициналық тексериўден бийпул өтиўи, педагог хызметкердиң кәсиплик жумысы даўамында жуқпалы кеселликлерге қарсы бийпул профилактикалық шаншыў мәмлекет тәрепинен тәмийинлениўи сәўлеленбекте. Қалаберди, елиў алты жумыс күнинен ибарат жыллық мийнет ҳақы төленетуғын создырылған дем алыс бериў белгиленбекте,-деди Э.Зоҳидов.
Депутатлар бул нызамның ҳәзирги күндеги зәрүрлиги ҳәм әҳмийетин тән алған ҳалда қызғын додалады. Бир қатар усыныслар, пикирлер, сораўлар ортаға тасланды. Нызам жойбары муғаллимлердиң абырайын арттырыў, қәдирин қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилип, халық ўәкиллери тәрепинен қабылланды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА