Германия раўажланыў банкиниң К&W Ташкенттеги Орайлық Азия бөлими директоры Андреас Шнайдер Өзбекстан Президентиниң Германияға сапары қаржы-банк тараўларында да еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге күшли түртки беретуғынын атап өтти.
– Жоқары дәрежедеги сапар мәмлекетлер арасындағы экономикалық бирге ислесиўди кеңейтеди. Германия раўажланыў банки К&W Өзбекстан ҳәм Германия арасында саўда-экономикалық байланысларды жолға қойыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға жәрдемлесиўге таяр.
Мәмлекетиңизде үш бағдар, атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў, мийнет базары ҳәм қала қурылысы системасын жетилистириў сондай-ақ, суў тәмийнатын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын жоқары баҳалаймыз.
Ҳәзирги күнде Германия раўажланыў банки К&W денсаўлықты сақлаў тараўында аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, денсаўлықты сақлаўдың барлық тармақларын санластырыўды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, пандемия ақыбетлерин сапластырыўға жәрдемлесиў бойынша жедел илажлар көрмекте.
Банкимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириўге хызмет ететуғынын, сондай-ақ, мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте еслетип өтемен.
Беҳруз Худойбердиев таярлады.
ӨзА