2023-жыл 1-майдан баслап қалалық жолаўшылар транспортында (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксиден тысқары) айырым категориядағы пуқараларға бийпул жүриў ҳуқықын бериўши жеңиллетилген транспорт карталарын бериў республиканың барлық қалаларында әмелге асырылмақта.
Жеңиллетилген транспорт карталарын алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы транспорт басқармаларына ямаса Бирден-бир портал (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги