Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 208-статьясына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарына бола, 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин жумыс ислемейтуғын байрам күнлери қатарына қосыў белгиленбекте.
Тийисли нызам жойбары парламенттиң төменги палатасындағы фракцияларда додаланбақта. Өзгерис әмелге асса, байрам күнлери 10 ға жетеди.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 9 жумыс ислемейтуғын байрам күнлери бар:
- 1-январь – Жаңа жыл;
- 8-март – Ҳаял-қызлар күни;
- 21-март – Наўрыз байрамы;
- 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
- 1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни;
- 1-октябрь – Устазлар ҳәм муғаллимлер күни;
- 8-декабрь – Конституция күни;
- Рамазан ҳайытының биринши күни;
- Қурбан ҳайытының биринши күни.
Қарақалпақстан хабар агентлиги