Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен алыс аўылларда да халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылды.
Хожели районында да өткен 2022-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша, жәми 30 объектте ири қурылыс, оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленген еди.
– Соннан, бүгинги күнде райондағы Бунёдкор МПЖ дағы 26 көшеге 9,8 километрлик, Нурлы жол МПЖ дағы 30 көшеге 8,2 километрлик, жәми 56 көшеге 18 километрлик ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселип, цемент-бетон жолларды қурыў ҳәм оңлаў жумыслары толық жуўмақланды,-дейди Хожели районы ҳәкимлигиниң қурылыс, коммуникация, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша бас қәнигеси Әзизбек Қурбанбаев.
Соның менен бирге, Бунёдкор ҳәм Нурлы жол мәҳәллелерине 12,1 километрлик ишимлик суў тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылған. Усы мәҳәллелерге 3 трансформаторды орнатыў, алмастырыў, 7,6 километрлик электр тармақларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў жумыслары әмелге асырылып, халықтың электр энергиясына болған талабы жақсыланды.
Соның менен бирге, усы пуқаралар жыйынларында газ тәмийнатын жақсылаў бойынша 10 газ бөлистириў пунктлерини қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары, 5,5 километрлик газ тармақларын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў жумыслары орынланды.
Телекоммуникация ҳәм мәлимлеме линияларын жақсылаў бойынша жәми 4,0 километрлик курылыс, реконструкциялаў жумыслары, мәҳәллелерди абаданластырыў бойынша 5,4 километрлик пиядалар жолын қурыў ҳәм реконструкциялаў, қоршаған орталықтың экологиясын жақсылаў ҳәм көклемзарластырыў бойынша cаяманлы терек ҳәм мийўе нәллерин отырғызыў жумыслары әмелге асырылды.
Сондай-ақ, түнги жақтыландырыў системасын жақсылаў бойынша мәҳәллелерге 380 дана түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў ҳәм кабельлерин жалғаў жумыслары исленди. 400 ден аслам турақ жайлардың сыртқы көринисин жақсылаў бойынша қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылып, бул объектлердеги режелер толық әмелге асырылды.
Усындай әҳмийеттеги жумыслар, мәмлекетлик бағдарламалардағы режелер бирдей дәрежеде барлық орынларда басқышпа-басқыш даўам еттирилмекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги