Шымбай районындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими ҳәм районлық Мәденият бөлиминиң шөлкемлестириўи менен жас ҳәўескер бақсылар арасында «Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын!»  таңлаўының Шымбай районлық басқышы болып өтти.

Оған райондағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң   12-16 жас аралығындағы ҳәўескер оқыўшы жаслары қатнасты.

Таңлаў тәртибине бола, қатнасыўшылар белгиленген ўақыт ишинде «Бес перде», «Келте налыш», Гал-галай», «Гөр қыз», «Арыўхан», «Хожа бала» ҳәм «Налыш» қарақалпақ халық нама ҳәм қосықлары менен өзлериниң қәлеген бир нама қосығын атқарыў шеберлиги бойынша өз-ара беллести.



Таңлаў жуўмағында 1-орынды  3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы  А.Турсынбаев, 2-орынды 31-санлы мектеп оқыўшысы И.Үсенов, 3-орынды 15-санлы мектеп оқыўшысы Р.Салиев ийелеўге миясар болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен  арнаўлы Диплом,  Ҳүрмет жарлықлары ҳәм  китаплар топламы менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы