Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Қарақалпақстан Республикасында инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасы Салық кодекси ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының исбилерменлик субъектлерине ўақтынша жеңилликлер берилип атыр. Яғный пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, мүлк ҳәм жер салығы 50 процентке азайтылмақта. Социаллық салық олар тәрепинен 1 процент муғдарындағы ставка бойынша, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен болса жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында төленеди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў процесине тартылатуғын сырт елли қәнигелер (муғаллимлер) консуллық жыйымды ҳәм турақлы жасаў ҳәм ўақтынша турған турақ жайы бойынша дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасының инвестициялық тартымлылығын арттырыўға, исбилерменликти раўажландырыўға хызмет етеди.
Қызғын додалаўлар, сораў-жуўаплардан кейин нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги