Эможилер – онлайн байланыста сезимлерди аңлатып бериўге жәрдемлесетуғын қуралдан адамлардыӊ санасына тәсир етиў «қуралы»на айналған. Бүгин эможилерсиз виртуал турмысты көз алдымызға келтире алмаймыз.

Emojipedia мағлыўматларына бола, Unicode консорциумы Emoji 15.1 таңлаўына киргизилиўи мүмкин болған 578 жаңа вариант көрип шығылмақта. Бул пиктограммалардың көпшилиги ҳәзирги Emoji’лерден киши деталлар менен ажыралып турады.

Сондай-ақ, жаңа күлгишлер 2023-жылдыӊ ақырына шекем смартфонлар, жеке компьютерлер, мессенджерлер ҳәм социаллық тармақларда пайда болады.

Төменде биз эможилер ҳаққында бир қанша фактлерди келтирип өтемиз.  

– Дүньядағы ең белгили эможи – “қуўаныш жаслары сәўлеленген түс” есапланады.

– Ҳәзирги ўақыттағы эможилердиң улыўма саны 3000 нан асады.

– Ҳаяллардың өз хабарларында эможилерден пайдаланыў көрсеткиши ер адамларға салыстырғанда 16% ке көбирек.

– Эможилер 57% интернет пайдаланыўшыларына унайды.

Ал, сиз күнделикли турмыста қандай эможи түрлеринен пайдаланасыз?

 

Мийўагүл Турсынбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги