Жер жүзиндеги ең бийик китапхана Шанхайда, Марриотт мийманханасында, шама менен 230 метр бийикликте жайласқан!

Китапхана мийманхананың 60-қабатында (230,9м) жайласқан.  Мәкеме Гиннестиң рекордлар китабында «дүньядағы ең бийик китапхана» атағын алды.

Китапханаға кириў ушын мийманхана номери бар электронлы карта қолланылады. Онда әдебият, философия ҳәм тарийх сыяқлы ҳәр түрли тараўлар бойынша қытай және инглиз тилинде 2000 данадан аслам китап фонды бар.

 

М.Турсынбаева,

ҚМУдың интернет журналистика

бағдары 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги