Елимизде АИВ инфекциясы кеселлигиниң жуғыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде соңғы жылларда усы кеселлик пенен наўқасланыў жағдайлары бир қанша азайды. Деген менен, бул бағдардағы илажларды мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң бирге ислесиўи арқалы жеделлестириў зәрүрлиги пайда болмақта.

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайында  Қарақалпақстан Республикасында АИВ-инфекциясы, туберкулёз ҳәм малярияның тарқалыўына қарсы алып барылып атырған илажлардың беккемлениўи ҳәм раўажланыўы бойынша бирге ислесиў мақсетинде  өткерилген дөгерек сәўбетинде мине, усылар ҳаққында сөз болды.

Онда Ташкент қаласынан Уйымлараралық эсперт кеңеси жумысшы топарының баҳалаў ҳәм мониторинг бойынша қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң, бирге ислесиўши мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Онда Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының бас шыпакери Д.Мадреимова республикадағы АИВ инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдай, өткен жылы ҳәм быйылғы жылдың биринши шерегинде кеселлик тарқалыўының алдын алыў бойынша алып барылған жумыслар, келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

– Орайымызда клиникалық, иммунологиялық ҳәм ПШР (полимеразлы-шынжырлы реакция) анализлерин алыў жолға қойылған, -дейди Орайдың бас шыпакери Д.Мадреимова. – 2023-жылдың үш айы даўамында 76 мыңнан аслам адам АИВ инфекциясына тексерилди. Соңғы ўақытлары мийнет мигрантлары кеселликтиң жуғыўы ҳәм тарқалыўына көбирек себепши болмақта.

Илаж даўамында жуўапкер мәкемелерге мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте илажларды және де күшейтиў тапсырылды.




АИВ инфекциясының жуғыўы ҳәм тарқалыўы итималы жоқары болған топарлардан халыққа усы инфекцияның жуғыўының алдын алыў мақсетинде Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында халық арасында акциялар шөлкемлестирилди. Акция даўамында 3 мың 340 пуқарадан 13 мыңнан аслам анализ алынып, олардың үшеўинде АИВ анықланды. Сондай-ақ, 158 пуқарада гепатит «В» ҳәм «С», 42 анализлери әмелге асырылған болып, 25 пуқарада оң нәтийже анықланды. Ҳажылар, медицина хызметкерлери, АИВ пенен кеселленген шахслар гепатит «В» ҳәм «С» ға тексерилгенде 121 пуқарада, RW анализлерин тапсырғанлардан 65 инде оң нәтийже анықланды.

-Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20-январьдағы «Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын пайда етиўши кеселликке қарсы гүресиўди және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «Фтизиатрия ҳәм пульмонология хызметин 2023-2026-жылларда раўажландырыў бойынша және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары ҳәм Өзбекстан Республикасы бас мәмлекетлик санитария шыпакери Б.Юсупалиевтиң 2023-жыл 7-февральдағы көрсетпе хаты тийкарында республикамыз аймағында АИВ инфекциясы, туберкулёз ҳәм малярияның тарқалыўына қарсы гүресиўде бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери талқыланды, -дейди Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайының шыпакер-методисти Арзыгүл Джанибекова. – Тийкарынан бул кеселликлердиң жуғыў ямаса жуқпаўы медициналық мәденият ҳәм саўатлылыққа байланыслы. Халықтың саўатлылық дәрежеси қанша жоқары болса, кеселликтиң жуғыў итималы да сонша азаяды. Сол ушын да дөгерек сәўбетинде халыққа түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын тийисли мәкеме ҳәм уйымлар, шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырыў нәтийжели болатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги