Тармақта Өзбекстанда мектеплер 12 жыллық болып атырғаны бойынша хабар тарқалды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги бул мағлыўматқа түсиник берди.

Социаллық тармақларда улыўма орта билим бериў мектеплери 2023-2024-оқыў жылынан баслап 11 жыллық билимлендириўден 12 жылыққа созылып атырғаны ҳаққындағы хабарлар ҳеш қандай тийкарға ийе емес екенин мәлим етемиз.

Өзбекстан Республикасының билимлендириў ҳаққындағы нызамына муўапық улыўма орта билимлендириў 11 жылды қурайды», делинеди рәсмий хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги