1-факт: Гилгамиш — ең әййемги көркем әдебиятқа байланыслы дөретпе. Ең әййемги эпикалық көркем әдебиятқа байланыслы дөретпелер әййемги Месопотамияда болып, оның аты “Гилгамиш” деп аталған. Қағазлы китаплар сол ўақытта болмағаны себепли, гүрриң 12 кестеге жазылған. Бүгинги күнде “Гилгамиш”тиң электрон вариантлары да бар.
2-факт: Биринши заманагөй роман. Дүньядағы биринши роман ХI әсирде “Генжидиң гүрриңлери” болып, оны Япониялы Мурасаки Шикибу жазған. Түп нусқада дерлик ҳеш қандай қаҳарманның атлары болмаған. Олар Ҳеиан дәўириндеги япон судының қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда лаўазымы ямаса “ҳүрметлеўши” деп берилген.
3-факт: Баспа сөзде биринши шыққан китап. Бул китап Гутенберг Инжили болып, ол 1453-жылы Жоҳаннес Генсфлеисч зур Ладен зум Гутенберг тәрепинен баспадан шығарылған. Гутенберг Инжил ҳәм Гутенберг баспасы арқалы революциялық өзгерис жүз берген ҳәм инсаният тарийхында жаңа дәўирди баслаған.
4-факт: Жазыў машинасында жазылған биринши китап. Марк Твенниң “Миссисипидағы турмыс” (1882) шығармасы тарийхшылар тәрепинен баспаға шығарылған дәслепки толық жазыў машинасы жәрдеминде басылған китап есапланады.
5-факт: Китаплар тоннасы. Ҳәр жылы дүньяда 755, 755 жаңа китаплар басып шығарылады. 2017-жылдың орталарыннан баслап ҳәзирге шекем дүнья бойынша 134, 399, 411 китаплар шығарылған.
6 -факт: Ең үлкен китап. Дүньядағы ең ири “китап” Мандайда, Мянмарда, Бирма қаласында Кутҳодаўда жайласқан. Кутҳодаў өз структураларының базасын қураған 730 мәрмер кестелер комплексине ийе. Кестелер комплексинде Тҳеравада Буддизмниң толық мүқаддес диний китаплары бар. Бул ири «тас китап» 1857 – жылды Кинг Миндон Мин тәрепинен таярланған ҳәм ол алтын сыя ҳәм қымбат баҳалы таслар менен безеилген.
7-факт: Дүньядағы ең ири қағаз китап Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жайласқан. Бул китап “Бул Муҳаммад Пайғамбар“ деп аталған үлкен мүқаддес китап есапланады. Китап Мшаҳед Халық аралық топары тәрепинен жаратылған ҳәм 2012-жыл февраль айында жәрияланған. Оның узынлығы 5 метр, ениниң узынлығы 8, 06 метр, 429 бет ҳәм салмағы 3000 килограммнан артық.
8-факт: Ең үлкен баспадан шығарылған китап . Дәстүрий түрде баспадан шығарылған ең ири китап Антуан де Сент-Экзуперийдың “Кишкене Шаҳзада»сының Бразилиядағы нусқасы болып табылады. Оның узынлығы 3, 08 метр, кеңлиги 2, 01 метрди қурайды. Бул китап 2007-жылы сентябрь айында Рио-де-Жанейро (Бразилия ) де болып өткен Бианнуал китап көргизбесинде көрсетилди.
9 -факт: Ең узын роман . Ең узын романды Марцел Проуст жазған хәм оны “Өтмиштеги затларды еслеў ” ямаса өз ана тилинде (французша) “А ларечерче ду темпс перду” деп атаған. Романда 9, 609, 000 образ бар екенлиги болжанбақта .
10 -факт: Ең узын аудиокитап. Дүньяның ең узын даўыслы китабы дерлик бес күн болып табылады. Китап 2008-жылда Японияда шығарылған ҳәм философ, шайыр ҳәм әдебиятшы қәниге Такааки Жасимото тәрепинен оқылған. Китаптың улыўма ўақты 115 саат, 43 минут болып табылады.
11-факт: Басылып шыққан ең қалың китап .“Мукаммал Мисс Марпле” китапы баспадан шығарылған ең қалың китап болып табылады. Ол 12, 67 дюм кеңлигинде ҳәм 4, 032 беттен ибарат . Бул китапты жазыўшы Агатҳа Чристие Мисс Марпле атлы ҳаялға бағышлап жазған. Китап 20 қысқа гүрриң ҳәм 12 сырлы роман комплексинен дүзилген.
12-факт: Ең қымбат китап . Дүньядағы ең қымбат китаптың дәслепки нусқасы 1640 –жылы Массачусетс штатының Цамбридге қаласында баспадан шығарылған «Бай Псалм Боок» китабы болып табылады. Бул китап Жаңа Дүньядағы баспасөзде баспадан шығарылған биринши китаплардан бири болып, 2013-жылғы кимзыят саўдасында 14, 165 мың долларға сатылды
13-факт: Дүньяда ең жақсы сатылған китап . Дүнья бойынша ҳәзирге шекем ең көп оқылған ҳәм ең жақсы сатылған китап бул — Инжил (Христианлардың мүқаддес китабы ) болып табылады.
Муслатдинова Фарида,
КМУ интернет журналистикасы бағдарының 4-курс студенти.
Қаракалпақстан хабар агентлиги