Бизлердиң күнделикли пайдаланып атырған ҳәр бир тағамымыз организм, атап айтқанда, жүрек ушын пайдалы сондай-ақ, зыянлы болыўы да мүмкин. Әҳмийет берген болсаңыз, шыпакер қабыллаўында да қандайда бир өнимлерди көбирек пайдаланыў керек екенлиги ҳаққында мәсләҳәт бериледи.Төмендеги өнимлер жүрек-қан тамыры ушын пайдалы деп есапланады.
Алма – ҳәр күни илажы болғанынша бир алма жеў жүрек қан- тамыр системасында жүзеге келиўи мүмкин болған кеселликлердиң алдын алыўға хызмет етеди. Алма қурамындағы элементлер қандағы холестеринниң муғдарын азайтыўға да пайдалы. Егер сизде жүрек-қан тамыры кеселликлери болса, алма пюреси, шербети ҳәм мийўесин түрақлы турде пайдаланып барыўың керек .
Ғоза-оның қурамында ярым тойынған майлар болып, қандағы холестерин муғдарын көбейтпейди. Бул майлар медицинада “пайдалы майлар” аты менен аталады, жүректи “май басыўы”нан қорғайды. Жүректиң ислеўине байланыслы мәселелер ҳәм олардың алдын алыўда күнине 3-4 данадан ғоза пайдаланыў керек.
Шпинат -бул көк шөпти салатқа қосып пайдаланыў жүрек қан-тамырларының қуўатланыўына жәрдем береди. . Шпинат қурамындағы В9 витамини жүрек ушын оғада пайдалы.
Қабақ-қурамында бета-каротин, калий ҳәм С витаминлериниң үлкен запасы бар екенлиги ушын жүрек қан-тамырларының ерте атеросклерозидан қорғайды. Соның менен бирге, қабақ артериал қан басымын азайтыўға да жәрдем береди. Жүрек-қан тамыры менен байланыслы мәселелерде қабақты парлап ямаса демлеп қойып писириўлиўи усыныс етиледи.
Броккол-қурамында бир неше пайдалы элементлерден тысқары көп қуўат сарыплайтуғын оғада зәрүр болған Қ10 коэнзимини бар. Бул элемент организмди күн даўамында қуўат пенен тәмийинлейтуғын жүрек ушын жүдә пайдалы болып табылады. Брокколди шийкилей , соның менен бирге, парлап таярлап пайдаланыўға болады.
Әнар-қанның қойыўланып қалыў машқаласына дус келгенлер оның мийўеси ямаса шербетин пайдаланыўы керек. Соның менен бирге , әнар шербети жүрек қан-тамырдың хәрекетине пайдалы .
Қарағат, Малина сыяқлы мийўелерден таярланған демлеме ҳәм чайлардағы калий элементи организмде жыйналып қалған артықша суйықлықты ислеп шығарыўға жәрдем берип, дене ағзаларын (қол ҳәм аяқ)дағы исиклерди азайтыўға жәрдем береди.
Жүзим-жүрек-қан тамыр дийўалын беккемлеўге жәрдем береди ҳәм кем қанлық және қан менен байланыслы машқалаларды тәртипке салады. Жүрек ушын пайдалы болыўын қәлесеңиз, жүзимниң қара ҳәм қызғыш түрлерин пайдаланыў усыныс етиледи.
Муслатдинова Фарида,
КМУ интернет журналистикасы бағдарының 4-курс студенти.
Қаракалпақстан хабар агентлиги