Өзбекстанда референдум табыслы өтти. Буны халықаралық бақлаўшылар, сырт мәмлекетлерден келип, референдум процесслерин бақлаған ҳәм ҒХҚда сәўлелендирген журналистлер де тән алды.

Польшалы журналист Магдалена Пернет референдумға байланыслы процесслер ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты:

– Конституцияға өзгерислер киргизиў Өзбекстан ушын, тарийхый ўақыя екени сөзсиз. Мәмлекетиңиздиң Тийкарғы нызамына 60 проценттен көбирек өзгерислер киргизилгени итибарға ылайық.

Даўыс бериў процесин бақлаў ушын мирәт етилген бақлаўшылар арасында дерлик пүткил дүньядан қәнигелер, соның ишинде, көплеген журналистлер де бар еди.

Бәринен бурын, референдум әҳмийетли ҳәм кең көлемдеги илаж екенин, шөлкемлестириўшилер оны пуқаралар ушын ашық-айдын тәризде өткериўге ерискенин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Өзбекстанлылар даўыс бериў 30-апрель күни болып өтиўи ҳаққында референдумға 45 күн қалғанында хабардар етилген. Референдум ҳаққында ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда көп мағлыўматлар берилген, дағазалар көшелерде де бар еди.

Өзбекстанға келгениме бир неше күн болды. Референдум алдынан адамлар менен сөйлескенимде бул илаж өткерилиўинен хабары болмаған бирде-бир адамды ушыратпадым.

Даўыс бериў процеси жоқары дәрежеде режелестирилген, онда ҳәммениң қатнасыўы ушын барлық имканиятлар жаратылған. Емлеўханадағы пуқаралар, сырт елде болып турғанлар солардың қатарына киреди.

Өзбекстан пуқаралары менен сәўбетлескенде, олардың ҳәммеси Конституцияны өзгертиў өзлери ушын әҳмийетли екенин атап өтти. Себеби, бул өзгерислер мәмлекеттеги барлық социаллық, сиясий, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да тараўлардағы өзгерислерди нызам менен беккемлейди. Сондай-ақ, шамалаўларға бола, Конституция мәмлекеттиң жаңа раўажланыў жолына бейимлестирилиўи мәмлекет раўажланыўының кейинги басқышларын әпиўайыластырады ҳәм жеделлестиреди.

Өзбекстан заманагөй, тез раўажланып атырған, халқы оғада умтылыўшаң мәмлекет. Өзбекстан жаслары илимге, сырт елде билим алыўға, дүньяны үйрениўге, өз елин раўажландырыўға умтылады.

Мен ҳәм Польшадан келген басқа да бақлаўшылар Өзбекстан халқы поляклар менен оғада дос мүнәсибетте екенине исендим.

ӨзАның хабаршысы

Норгул АБДУРАИМОВА

жазып алды.