Усы жылдың 26-30-апрель күнлери аралығында Әндижан қаласында өткерилген «Универсиада» спорт жарысларының республикалық басқышында баскетбол қхқ (стритбол) түринен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студент-жасларынан ибарат Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы биринши орынды ийеледи.
Нөкис темир жол вокзалында команда ағзалары филиалдың мийнет жәмәәти ҳәм кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
– Бүгинги күнде филиалымызда баскетбол қәнигелиги бағдарының күндизги бөлиминде 47 студент билим алмақта. Усы спорт түри бойынша секция жумыс алып барып атырған болып, спортшыларға Т.Мәмбетжумаев, Ә.Әўезов ҳәм С.Аманиязовлар тренерлик етип келмекте, -дейди филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Д.Нурышев. – Студентлеримиздиң жарысқа қатнасып қайтыўына жақыннан жәрдем берген Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының жәмәәтине миннетдаршылық билдиремиз.
Әндижан қаласында өткерилген жарыста республикамыздың сайланды командасы Бухара, Сурхандәрья, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының сайланды командалары менен күш сынасып, жеңисти қолға киргизди. Олар Өзбекстан Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен диплом, алтын медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Сайланды команда қурамында филиал студентлери О.Шарашенидзе, М.Убайдуллаев, Х.Ырзабаев, Н.Бекмуратовлар жеңиске өзлериниң айрықша үлесин қосты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги