Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде белгили тарийхый тулға, өзиниң тәкирарланбас дөретиўшилиги менен дүнья жүзилик илим тарийхында өшпес из қалдырған уллы бабамыз Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығына бағышланған «Қарақалпақстан тарийхының әҳмийетли мәселелери: өтмиши ҳәм бүгини» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Гуманитар пәнлер илимий-изертлеў институтының илимпазлары, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ҳәм басқалар елимизде Үшинши ренессансты шөлкемлестириў ушын ең алды менен, уллы бабаларымыздың шығармаларын терең үйрениўимиз, солар тийкарында жаңа идеяларды алға қойыўымыз кереклигин атап өтти. Әсиресе, Әбиў Райхан Беруний, Муҳаммед Аль-Хорезмий, Әбу Әли ибн Сина сыяқлы илимпаз бабаларымыздың илимий шығармаларын терең үйрениў ҳәм оларды халқымызға жеткериў әҳмийетли мәселе екенлиги атап өтилди.
Конференцияны өткериўден мақсет – Қарақалпақстан тарийхының әҳмийетли мәселелерине шешим табыў, үлкемиз тарийхын изертлеўде Әбиў Райхан Берунийдиң илимий мийрасының әҳмийетин үйрениў, бул бағдардағы тараў илимпазларының илимий тийкарланған усынысларын ислеп шығыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў болып табылады.
– Берунийдиң «Осор ал-боқия ан ал-курун ал-холия» («Әййемги халықлардың естеликлери») шығармасы тек халықлардың, инсанияттың тарийхы ҳаққында баҳалы мағлыўматларды өз ишине алып қоймастан, Берунийдиң белгили илимпаз-энциклопедист болғанын дәлийллейди, – дейди тарийх илимлериниң докторы, профессор Б.Қошанов. – Сол ушын да Берунийдиң мийнетлери пүткил инсанияттың мийрасы болып табылады.
Конференция жумысы секцияларға бөлинген ҳалда даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги