Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде Пүткил жер жүзилик мийнетти қорғаў күни мүнәсибети менен «Инсан қәдири ҳәм саламатлығы жумыс орынларындағы қәўипсиз мийнет етиў шараятлары менен үзликсиз байланыслы» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Нөкис қаласы медициналық-жәмийетлик экспертизасы, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тармақ ҳәм аймақлық Кеңес басшылары, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги кәсиплик аўқамларының комитет баслықлары, мийнетти қорғаў хызметиниң қәнигелери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары, дәслеп мийнетти қорғаў бағдарында пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер, арнаўлы кийим ҳәм қорғаў қуралларының көргизбеси менен танысты.

Дөгерек сәўбетиниң мақсети мийнетти қорғаў тараўында хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шараятын жаратыў, өндирис пенен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, мийнетте майып болған ямаса кәсиплик кеселлигине шатылған пуқаралардың кәсиплик мийнет етиў дәрежесин белгилеў, инсан қәдири ҳәм саламатлығы жолындағы ҳәрекетлерди қәлиплестириўге үлес қосыўдан ибарат.












Ҳәзирги ўақытта Халықаралық мийнет шөлкемине ағза болған ҳәр бир мәмлекет инсан қәдири ҳәм саламатлығы жумыс процесслериндеги қәўипсиз мийнет етиў шараятлары менен үзликсиз байланыслы екенлигин әллеқашан түсинип жетти. Себеби, ҳәттеки базар экономикасында хызмет етип атырған хызметкерлерге де қәўипсиз ҳәм қолайлы болған мийнет шараятлары жаратылып берилиўи зәрүр. Бундай шараятлар жаратылып берилмеген аймақларда болса өз гезегинде, экономиканың ҳәм халықтың турмыс кешириў дәрежесиниң раўажланыўында бир қатар машқалаларды келтирип шығарыўшы факторлар пайда болыўы мүмкин.

– 2022-жылдың жуўмағы бойынша жумыс бериўшилер тәрепинен 3 мың 96 мийнетти қорғаў бағдарында илаж өткерилди,-дейди Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси Мийнетти қорғаў бойынша жетекши қәнигеси Султамурат Оразымбетов. – Сондай-ақ, хызметкерлерди азық-аўқат, жеке қорғаныў ҳәм гигиена қураллары менен тәмийинлеўге 8 миллиард 737 миллион 372 мың сум, оларды ўақты-ўақты менен медициналық тексериўден өткериў ушын болса 1 миллиард 570 миллион 617 мың сум муғдарында қаржы жумсалды. Буннан тысқары, жумыс бериўшиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ушын ямаса хызметкерлер өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийсеге ушыраған жағдайларда, оларға келтирилиўи мүмкин болған материаллық зыянлардың алдын алыў мақсетинде 1 миллиард 287 миллион 940 мың сум муғдарында қаржы жумсалды. Булардың барлығы орынларда инсан қәдири ҳәм саламатлығына жоқары дәрежеде итибар берилип атырғанына дәрек береди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Дөгерек сәўбетиниң жуўмағында мийнеттиң қорғалыўы ҳәм қәўипсизлиги бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша өткерилген республикалық таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған кәрханалар, басланғыш қәсиплик аўқам комитетлери, мийнетти қорғаў хызметкерлери баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,  

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА