Пакистан мәмлекетинен келген бақлаўшы, «Daily Ittehad» газетасының бас редакторы Таҳир Фарук мәмлекетимиздеги референдум процесслерин бақлап, пикир-усынысларын билдирди.
– Өзбекстанда болып өткен парламентлик ҳәм президентлик сайлаўларда да қатнасқанман. Бүгинги референдум процесслерин тан азаннан бақлаўды басладық. Мени ең қуўандырған, итибарымды тартқан тәрепи – Өзбекстан жаслары ерте таңнан көтериңки кейпиятта референдум процесслеринде қатнасыўды баслады. Бул жаслардың белсендилигинен, өз келешегине бийпәрўа емес екенинен дәрек береди.
Конституциялық реформалар күтилген, ҳәр қашанғыдай нормативлик процесс болып есапланады. Ҳәр бир мәмлекеттиң Конституциясы сол мәмлекетке хызмет етиўи ушын жаратылады. Мәселен, Пакистан Конституциясы 1973-жылы қабыл етилген болып, өткен 50 жыл даўамында оған 28 рет өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.
Өзбекстан Президенти лаўазымына кирискен ўақыттан өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Конституцияға жаңа өзгерислер киргизилетуғынын айтқан еди. Бүгинги референдум нәтийжелери унамлы жағдайда болады. Оның нәтийжесинде қабыл етилетуғын Тийкарғы ҳүжжет Өзбекстан халқының абаданлығы, ҳүкиметтиң турақлылығына хызмет етеди, – деди пакистанлы бақлаўшы.
Усы жерде, жақында «Daily Ittehad» газетасында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңалық ҳәм өзгерислер ҳаққында ири аналитикалық материал басып шығарылғанлығын атап өтиў керек. Онда мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери кеңнен сәўлелендирилген.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА