273-санлы Референдум өткериўши участка Қараөзек районының академик Сабыр Камалов аўыл пуқаралар жыйынындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жайласқан болып, ҳәзирги ўақытта онда аймақ турғынларының Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясына даўыс бериў  процеси шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Участкалық комиссиядан алынған мағлыўматларға қарағанда, улыўма 969 даўыс бериўшиден, 612 пуқара даўыс бериўге қатнасқан.

Ҳәзирги ўақытта районның барлық аймақларында жайласқан Референдум өткериўши участкаларында даўыс бериў порцеси қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги