Футбол бойынша Европа Чемпионлар лигасының ярым финалында бир-бири менен ойнайтуғын командалар белгили болды.
Швейцарияның Ньон қаласында өткерилген шек таслаў илажына «Алтын топ» ийеси Андрей Шевченко қатнасты. Шек таслаў нәтийжеси бойынша 1/2 финалда «Бавария» (Германия) ҳәм «Реал» (Испания), «Ливерпуль» (Англия) ҳәм «Рома» (Италия) клублары бир-бири менен гезлеседи.
Командалар арасындағы дәслепки ойынлар 24-25-апрель күнлери, жуўап ойынлары 1-2-май күнлери өткерилиўи режелестирилген. Ал финал ойыны 26-май күни Киевтеги «Олимпийский» стадионында болып өтеди.
Еслетип өтемиз, шерек финалда «Ливерпуль» «Манчестер Сити»ди, «Бавария» «Севилья»ны, «Реал» «Ювентус»ты, «Рома» «Барселона»ны жарыстан шығарып жиберген еди.
Европа лигасының ярым финалында болса «Арсенал» (Англия) «Атлетико» (Испания) менен, «Марсель» (Франция) «Зальцбург» (Австрия) менен өз ара ойнайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы.