2023-жылдың март айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен азық-аўқатлық өнимлерден баҳасы 30,7 мың АҚШ долларына тең болған, 21,4 тонна қақ ерик, кишмиш ҳәм ғоза дәнелери экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилген.
Сондай-ақ, баҳасы 58,5 мың АҚШ долларына тең болған қаўын, гешир, қабақ, қыяр өнимлери Қазақстан Республикасына экспортқа шығарылған. Ал, Эквадор мәмлекетинен 232 мың АҚШ долларына тең 364 тонна банан өниминиң импорты әмелге асырылған. Өткен жылы март айында басқарма арқалы банан өними улыўма рәсмийлестирилмеген еди. Баҳасы 66 мың АҚШ доллары муғдарындағы 201 тонна бийдай уны қоңсы Қазақстан Республикасынан алып кирилип, еркин саўдаға шығарылған.
– Сондай-ақ, 734 мың АҚШ долларлық, дерлик 300 тонна пахта талшығы Түркия ҳәм Қытай мәмлекетлерине, 1 миллион 630 мың АҚШ долларлық 5800 тонна кальцийленген сода Аўғанстан, Қазақстан, Түркменстан, Тәжикстан мәмлекетлерине экспорт етилди,-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова. – Қытай, Корея, Тайвань ҳәм Египет мәмлекетлерине 608 мың АҚШ долларлық 327 тонна боян тамыры ҳәм оның экстрактиниң экспорты әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги