Президентимиз Шавкат Мирзиёев 15-июль күни пайтахтымыздың Юнусабад районына келди.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қалалық ишки ислер бас басқармасының Қорғаў басқармасының жумысы менен танысты.
Елимизде ишки ислер системасы түп-тийкарынан реформаланбақта. Президентимиздиң басламасы менен профилактика инспекторлары өзи хызмет етип атырған аймақта жасайтуғын, пуқаралар жыйынлары менен бирге ислейтуғын жаңа система жаратылмақта. Профилактика инспекторлары турақ жай, автомобиль ҳәм заманагөй техника қураллары менен тәмийинленбекте.
Салаға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилип атырғаны елимизде тынышлықты-татыўлықты буннан былай да беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаўда әҳмийетли орын ийелемекте. Елимиздеги барлық ишки ислер уйымларын өз-ара байланыстыратуғын оптикалық талшықлы система қурылмақта.
Шавкат Мирзиёев 8-июль күни Наманган қаласында «Орзу» мәкан пуқаралар жыйыны профилактика инспекторының хызмет бөлмесинде компьютер арқалы Хорезм ўәлаяты Хийўа районы ишки ислер бөлими хызметкерлери менен видеосөйлесиў өткерген еди.
Пайтахтымызда да жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланылмақта. Президентимизге усы салада қолланылып атырған техникаллар ҳәм олардың ислеў процеси, перспективадағы режелер туўралы мәлимлеме берилди.
Ташкент қалалық ишки ислер бас басқармасында «Қәўипсиз қала» басқарыў ситуациялық орайы шөлкемлестирилмекте. Бул жол ҳәрекети қәўипсизлигин, өрт қәўипсизлигин, қорғаў хызметин, патруль-пост хызметин ҳәм басқа да тармақларды геоинформациялық система арқалы басқарыў имканиятын береди. Кәрхана ҳәм шөлкемлер, базарлар, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, мийманханалар, жоллар ҳәм басқа да жәмийетлик орынларға орнатылған видеобақлаў үскенелери GPS ҳәм ГЛОНАСС глобал навигациялық системалары менен тәмийинленген хызмет автомобильлери, заманагөй сигнал узатыў техникасы бунда қолайлы болады.
Юнусабад районының аймағы үш бөлимге ажыратылған ҳәм оларда техникалық қорғаў орайлары шөлкемлестирилген. Ҳәр бир орайға белгили бир мәҳәллелер менен шөлкемлер, квартиралар ҳәм басқа да объектлер бириктирилген. Егер сол аймақта бирде-бир қәўиптиң болыў итималы сезилсе ямаса ол жүз берсе, орайдағы оператив ҳәрекетленетуғын топар тез жетип барады.
Және бир итибарлы тәрепи, жаңа система сигналларды мыс кабель, оптикалық талшық, интернет, жасалма жолдас арқалы узатыў ҳәм қабыл етиў имканиятын жаратады. Яғный, хабар узатыўда ҳәм жумысты шөлкемлестириўде хеш қандай үзилис болмайды.
Талқылаўлар ҳәзир усы системадан пайдаланып атырған орынларда жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың азайғанын көрсетпекте. Заманагөй технологияларға тийкарланған усы қорғаў системасына өтип атырған кәрханалар менен шөлкемлер, мәҳәллелер ҳәм квартиралар көбейип бармақта.
Тынышлықты-татыўлықты тәмийинлеў системасы бүгинги турмыстың талапларына сәйкес болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев. Жаңа заманагөй системаның нәтийжели ислеўи ушын оны пуқта өзлестириў, басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў ҳәм жетилистирип барыў зәрүр.
Бул басқарыў системасын сынақтан өткериў, ишки ислер хызметкерлериниң мәлимлеме технологиялары бойынша билимин арттырыў, Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетинде ҳәм Ташкенттеги Инҳа университетинде қәнигелескен кадрларды таярлаў Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясының оқыў бағдарламасын жетилистириў, система пуқта өзлестирилгенинен соң оны елимиздиң барлық қалаларында енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Барлық салаларда ҳәм ҳәмийше инсан мәпи үстин болыўы керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Соның ишинде, ишки ислер хызметкерлериниң материаллық ҳәм турмыслық шараятларын буннан былай да жақсылаў, олардың шаңарақлары ушын көп қабатлы үйлер қурыў керек.
Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң бирге ислесиўин кеңейтиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыў бағдарында Қытай тәжирийбесин үйрениў, салада қолланылып атырған техникалық қуралларды жергиликлилестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы «Shifo Nur» көп тармақлы медицина орайында болып, шыпакерлер менен наўқаслар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жасы үлкенлерди ҳәм балаларды емлеў, усы бағдарда шет елдиң абыройлы клиникалары менен бирге ислесиўди беккемлеў, жоқары маманлықтағы қәнигелерди тартыў жойбары менен танысты.
Елимизде аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызметтиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Медицина саласында жеке секторға кең орын берилмекте. Бул бағдарда Президентимиздиң 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў саласында жеке секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли қолланба болмақта.
«Shifo Nur» көп тармақлы медициналық орайы 2013-жылда шөлкемлестирилген. 36 орынлы орайда 60 тан аслам жоқары маманлықтағы шыпакер офтольмология, пластикалық хирургия, педиатрия, кардиология, неврология, гинекология, отоларингология, стомотология, физиотерапия ҳәм оптикалық бағдарлар бойынша халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетпекте.
Медицина мәкемелерин заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, медициналық хызметтиң сапасын буннан былай да арттырыў керек, деди Президентимиз. Әмелиятқа ең заманагөй технологияларды енгизиў менен бирге, олардан нәтийжели пайдаланыўды да тәмийинлеў, шыпакерлердиң билимин ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыў зәрүр.
Юнусабад компьютер технологиялары кәсип-өнер колледжинде 11 жыллық мектеп билимлендириўин шөлкемлестириў жойбары таныстырылды. Онда мәҳәлле белсендилери, ата-аналар қатнасты.
Елимизде дүнья илиминиң раўажланыўына теңсиз үлес қосқан уллы ағартыўшылар жетилисип шыққан. Жасларымызды оларға мүнәсип ағартыўшы, билимли етип тәрбиялаўымыз зәрүр, деди Президентимиз. Бунда мектеп тәрбиясы айрықша орын ийелейди. Мектепте оқыўшы белгили орталықта қәлиплеседи. Оқытыўшы ҳәм ата-анасының турақлы қадағалаўында болады. Мектептен соң колледжде ямаса лицейде басқа орталыққа түсип қалады. Соның ушын ата-аналардың, кең жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары тийкарында 11 жыллық мектеп билимлендириўи қайта жолға қойылмақта.
11 жыллық мектеплер ушын оқыў бағдарламаларын пуқта ислеп шығыў, оларды сапалы сабақлықлар ҳәм әдебиятлар менен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Оқыўшылар мектеп жанындағы ямаса жақын әтираптағы кәсип-өнер колледжинде шөлкемлестирилетуғын оқыў-өндирислик комплексинде ҳәптесине бир мәрте ҳәр қыйлы қәнигеликлерди үйрениў имканиятына ийе болады.
Мектепте оқыўды даўам еттириў ямаса кәсип-өнер колледжине өтиў оқыўшының ықтыярында. Өзи таңласын, әҳмийетлиси, оларды тәрбиялы, ата-анасын, ана-Ўатанын ҳүрмет ететуғын инсан етип өсириўимиз керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Юнусабад компьютер технологиялары кәсип-өнер колледжи жайласқан Исламабад мәҳәллесинде 3 мың 165 халық жасайды. Бирақ, мәҳәлле аймағында мектеп жоқ. Жаслар басқа мәҳәллелердеги мектеплерге барыўға мәжбүр. Ушырасыўда мәҳәлле белсендилери, ата-аналар, аймақтағы усы колледжди 11 жыллық мектепке айландырыў усынысын билдирди. Президентимиз бул усынысты үйрениў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берди.
Усы жерде Өзбекистан жаслар аўқамының бир топар белсендилери менен ушырасыў болып өтти. Онда талантлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, турақ жай менен тәмийинлеў, жас композиторлар үйин шөлкемлестириў ҳәм басқа да мәселелер туўралы сөз болды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Исламабад мәҳәллесинде жасайтуғын Тўлагановлар шаңарағында болды.
Тоҳир ата бир өмир айдаўшы болып ислеген. Төрт улды халыққа хызмети тийетуғын инсанлар етип тәрбиялаған.
Сәўбетте елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери, перзентлердиң тәрбиясы туўралы сөз болды.
Шавкат Мирзиёев Бозсуў каналы бойында қурылатуғын мәденият ҳәм демалыў бағының жойбары менен танысты. Бағда китап оқыў ҳәм пикирлесиў ушын арнаўлы орынлар, фонтанлар қурылады, амфитеатр, көргизбе павильонлары, спорт ҳәм саламатландырыў зоналары, ҳәўескер балықшылар клубы шлөкемлестириледи, заманагөй аттракционлар орнатылады.
Президентимиз бул жерде мәденият ҳәм ағартыўшылық орайына айландырыў, жарыслар, китапқумарлар ушын барлық шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Бағды қурыўда тәбийғый рельефтен ақылға уғрас пайдаланыў, ҳәр қыйлы тереклер менен гүллерди көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.
«Өзэкспоорай» мәжилислер залында Президентимиздиң басшылығында Ташкент қаласының белсендилери, жуўапкер шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти. Мәжилисте Юнусабад районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халық ушын заманагөй қолайлықлар жаратыў, тынышлықты-татыўлықты буннан былай да беккемлеў, жасларды ана-Ўатанды сүйиўшилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА