Усы жыл 17-18-апрель күнлери аралығында Тақыятас социал–экономикалық ҳәм педагогикалық колледжинде спорттың аўыр атлетика түри бойынша ер адамлар және ҳаял-қызлар, сондай–ақ, 23 жасқа шекемги жаслар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткериледи.
Чемпионатқа ер адамлар ҳәм 23 жасқа шекемги жаслар 56, 62, 69, 77, 85, 94, 105, +105 килограмм салмақ категориясында, ҳаял-қызлар ҳәм 23 жасқа шекемги қызлар 48, 53, 58, 63, 69, 75, 90, +90 салмақ категориясында қатнасады.
Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 70 ке шамалас спортшылар қатнасыўы күтилмекте.
Чемпионаты өткериўдеги тийкарғы мақсет-Қарақалпақстанда аўыр атлетика спорт түриниң ғалабалығына ерисиў ҳәм еле де раўажландырыў, бул спорт түри бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы қурамы ағзаларын ҳәм талабанларын анықлаў, Нөкис олимпиада резервлери колледжи ҳәм спорт мектеплериндеги спортшылардың таярлық дәрежесин анықлаў, Өзбекстан чемпионатына қатнасатуғын спортшыларды сайлап алыў ҳәм спортшылардың шеберлик дәрежесин арттырыўдан ибарат.
Жарыс халықаралық аўыр атлетика федерациясы қағыйдалары тийкарында өткериледи.
Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги