Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң магистратурасына қабыллаўда тест сынақларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге киргизилген өзгерис Әдиллик министрлигинде дизимнен өткерилди.Бул ҳаққында министрликтиң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Өзгериске муўапық, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң магистратурасына қабыллаўда тест сынақлары ҳәр жылы август айының 5-20-сәнеси аралығында өткериледи.

Еслетип өтемиз, алдын Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң магистратурасына қабыллаўда тест сынақлары 3-15-август сәнеси аралығында өткерилетуғын еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги