Президент сапарынан соң…
Ҳәр бир мәҳәлле өзинде елдиң сырын сақлайды. Сырды билиў болса жүдә аңсат – оның менен танысыў жетерли. Онда ҳәмме нәрсе ашық-айдын. Барлығы көрингениндей. Бул жерде халықтың кейпияты, дастурханында не бар-жоқлығы, мәмлекетте қандай өзгерислер болып атырғаны анық көринип тур.
Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапарлары даўамында мәҳәллелерди айланыўы дәстүрге киргени халыққа унамлы болып атырғаны да соннан дәрек береди.
Президенттиң Нөкис қаласындағы Алтын жағыс мәҳәллесиндеги сапарын сәўлелендирген журналистлер қатарында бизлер де бар едик. Сол ўақытлары барлығы жүдә қызғын өткен еди. Жасыуллылар, белсендилер, жаслар мәмлекетимиз басшысына өз мәҳәллесиндеги өзгерислерди айтып берди….
Буған сәл кейинирек ҳәр тәреплеме тоқтап өтемиз. Ҳәзир болса Нөкистеги мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар, өзгерислерге тоқтап өтиўди орынлы деп билдик.
Өткен жылы Жаңабазар ҳәм Шымбай гүзары мәҳәллелерин абат мәканға айландырыўға кирисилди. Оның ушын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер бир жағадан бас шығарды. Халықтың жасаў шараятын жақсылаў, мәҳәлле инфраструктурасын жетилистириў, мәнзиллерди абат етиў бойынша аўызбиршилик пенен иследи. Бул ийгиликли баслама бүгин Нөкис қаласының барлық мәҳәллелери бойлап кеңнен ен жайдырылған.
Жаңабазар – Нөкис қаласының шетки бөлиминде, саҳра қумлары арасында жайласқан мәҳәлледе. Бул жердиң өзине жараса машқала ҳәм қыйыншылықлары көп еди.
Узынлығы 850 метрлик Темир жол жағасы көшесиниң бойында 36 турақ жай жайласқан. Бул турақ жайлардың қыйтақ жерлери тәртипке келтирилди. Жигирмадан артық үй оңланды, айырымларының төбеси шиферланды. Көше бойы арнаўлы техникалар жәрдеминде тегисленди. Пияда ҳәм автотранспортта ҳәрекетлениў ушын қолайлық жаратылды.
Мәҳәлледе бундай 40 үлкен-киши көшелер бар. Ҳәр бир көшеде мине усындай өзгерислер болды. Бул арқалы пүткил мәҳәлледе қандай жаңаланыў болғанын көз алдымызға келтириў қыйын емес.
Шымбай гүзары мәҳәллесиниң аймағына адамлар буннан жигирма жыллар алдын жайласып баслаған. Сол ўақытлары үйлер режесиз қурылғаны ақыбетинде көшелер тәртипсиз түскен. Сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы жетиспеўшилиги аўыр машқалалардан бири еди.
Он төрт мыңнан аслам халық жасайтуғын бул мәҳәлле «Абат мәҳәлле» бағдарламасына түсти. Бүгин бул жердеги онланған көшелер, пиядалар жолы көзди қуўантады. Трансформаторлар, зыян көрген бағаналар жаңасына алмастырылды. Электр тармақлары менен байланыслы машқалалар сапластырылды. Салмалар тазаланып, көплеген тереклер егилди.
Аймақта жеңил конструкциядан тоқымашылық кәрханасы шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 300 ден аслам ҳаял-қыз турақлы жумыс орнына ийе болды. Президентимиз өткен жылы бул жерде исленип атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде мәҳәллеге келген еди.
– Президентимиз ҳәр сапары Қарақалпақстанға басламалар, жаңа идеялар, күтилмеген жаңалықлар менен келеди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Сағындық Турманов. – Бул ретки сапарында да усы дәстүр болды. Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылыўы үлкен жаңалық болды. Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум қаратылыўы киши жумыс емес. Сондай-ақ, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлк бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп берилетуғын болды. Буннан тысқары, Қарақалпақстанды «жумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық инфраструктураны жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жыллары мәҳәллелер инфраструктурасын және жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгенин атап өтиў керек. Бул ҳүжжет тийкарында Аралбойында 252 мәҳәлледе бир қатар ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм басқа да инфраструктуралық объектте қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Аймақта ҳүжжеттиң орынланыўы бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Айтылғанындай, Алтын жағыс мәҳәллесине қайтамыз. Бул жерде 4 мыңнан аслам халық жасайды. Мәнзилли жумыслар Алтын жағыста да өз нәтийжесин бермекте.
– Жақынға шекем бул жер транспорт қураллары келиўи қыйын, коммуникация тармақлары кемис жер еди,-дейди мәҳәлле баслығы Нигаргүл Гобенова. – Өткен жылы бул жер «Абат мәҳәлле» бағдарламасына киргизилип, кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Жол, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм газ тармақлары жаңаланды. Мәҳәлле имараты жаңадан қурылып, оның әтирапында балалар майданшалары, медициналық пункт, исбилерменликке жәрдемлесиўши орай, саўда шақапшасы шөлкемлестирилди. Заманагөй спорт комплекси қурып питкерилмекте. Бундай бир пүтин комплекс халыққа қолайлық жаратады. Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги өзгерислерди көзден өткерди, сүмелек сейилимизде қатнасты. Шаңарақларымыздан биринде ифтарлық етти, халықтың дастурханын өз көзи менен көрди. Бул өзгерислер ушын бәршемиз Президентимизге рахмет айттық.
Мәҳәллениң жери өнимдарлы емес. Халық тийкарынан хызмет көрсетиўди жолға қойыў арқалы дәрамат алады. Мәҳәлледе турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, тигиўшилик кәрханалары, нанбайхана, мебель устаханалары ҳәм автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў устаханалары көп. Келешекте қоян жетиститириў ҳәм балықшылықты раўажландырыў режелестирилмекте.
Тынышлық ҳәм аўызбиршилик бар жерде мәнзиллер абат бола береди. Аралбойында әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар болса халқымыздың турмыс тәризин жақсылаў, турмыстан разы болып жасаўына тийкар болады.
Икром АВВАЛБОЕВ,
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
ӨзАның хабаршылары