Тахтакөпир районының орта мектеп оқытыўшысы Бийбихан Сейтназарова Халықаралық Пушкин конкурсының лауреаты болды.

Рус тилине меҳри айрықша болған инсанлар арасында танымалы болған бул конкурсқа АҚШ, Италия, Туркия, Монғолстан, Франция сыяқлы  дүньяның 48 мәмлекетинен 251  қатнасыўшы «Учить русский. Можно? Модно? Выгодно?» темасында өзлериниң эсселерин усынды.

Конкурс усы жылдың февраль айында басланып, жақында жеңимпаз болған 50 лауреаттың аты жәрияланды. Олар сентябрь айының басында Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласына мирәт етиледи ҳәм ҳәр бирине 18 мың  рубль муғдарында сыйлық тапсырылады. Қала мэриниң қабыллаўында болыўы, белгили тарийхый орынларына саяхат етиўи нәзерде тутылған.

– 1942-жылы Калининград босағасында жарадар болған әкем өзин госпитальға шекем арқалап апарған орыс солдатына тил билмегени ушын миннетдаршылық билдире алмағанын соңғы күнлерине шекем тәкирарлап келди, – дейди Б.Сейтназарова. – Оның гәплеринен жуўмақ шығарып мен өзим де, балаларым да орыс тилин қунт пенен үйрендик. Соның арқасында үлкен қызым Алматы қаласындағы гимназияда, екинши қызым Дубай қаласындағы аэропортта жумыс ислеп келмекте. Өзим пенсиядаман. Жақында ақлықлы болдым, оның үстине конкурста жеңип, Москваға барыўдай әрманым орынланатуғынын сезинип, қуўанышым еки есе артты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.