Республикамыздағы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў мүддети жуўмағына жетпекте. Усыған байланыслы ҳүжжет қабыллаў процесинде абитуриент ҳәм ата-аналар ушын әҳмийетли фактлерди итибарыңызға усынамыз.
Қабылланған ҳүжжетлер саны бойынша көрсеткиш төмендегише (13-июль ҳалатына):
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети – 16 мың 222;
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 10 мың 703;
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы 5 мың 200;
Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы 2 мың 373;
Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы 835;
Өзбекистан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 223.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогика институтына 14 ҒМДА еллериниң пуқарасы, 18 «Зульфия» атындағы сыйлықтың, пән олимпиадасының жеңимпазлары ҳәм спорт чемпионлары ҳүжжет тапсырыўына байланыслы басқа абитуриентлердиң оқыўға кириў имканияты бир неше есеге азайды. Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти өтеп, арнаўлы усыныснамаға ийе болған абитуриентлерден 125си ҚМУ ға, 26 сы НМПИға, 17 си ТашПМИ ге, 14 и ТМТУ ға, тоғызы ТашМАУ ға, биреўи ӨзМКӨИ ге ҳүжжет тапсырған.
Ҳәзирги ўақыттағы есап пенен бир орынға ушын неше талабаннан туўра келетуғыны төмендегише болмақта:
ТашПМИ Нөкис филиалында 8,33;
ТашМАУ Нөкис филиалында 8,25;
НМПИда 7,6
ҚМУда 7,37;
ТМТУ Нөкис филиалында 4,1;
ӨзМКӨИ Нөкис филиалында 4.
Еслетип өтемиз, мағлыўматлар 13-июль күнги ҳалаты бойынша нәзериӊизге усынылмақта.
А.НАЗАРОВА,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти
(Қарақалпақстан хабар агентлиги)