Пайтахтымыздағы 22-санлы балалар көркем өнер ҳәм музыка мектебинде «Жалғызсаң, сен муққаддес Ўатан!» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.
Оған қырыққа шамалас республикамыздың барлық қалалық ҳәм районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы халық ансамбллери, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының студентлери менен балалар көркем өнер ҳәм музыка мектеплериниң оқыўшылары қатнасты.
Оны Өзбекистанға ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор, Н.Муҳаммеддинов ашты ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.
Таңлаў қатнасыўшылары ана-Ўатанды, туўылған жерди жырлаўшы бири-биринен өзгеше, жанлы ҳаўаздағы қосықларды атқарып шықты.
Таңлаў жуўмағында өзиниң ширели ҳаўазы менен айрықшаланып турған Ә.Өмирзақов (Нөкис қаласы) биринши, Н.Төлемисов (Нөкис қаласы), Р.Сапаров ҳәм Д.Базарбаева (Тақыятас қаласы) екинши, Э.Исмайлов (Елликқала районы), Қ.Утегенов пенен Ж.Жақсылықов (Кегейли районы) үшинши орынға ылайық деп табылды.
Сондай-ақ, таңлаўда өзиниң қосық атқарыўшылық шеберлиги менен танылған жас атқарыўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Биринши ҳәм екинши орын ийелери Ташкент қаласында болып өтетуғын финаль басқышына жоллама алды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы