Усы жылдың июнь-июль айларында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңестиң басламасы менен спорттың бадминтон түри бойынша «Мәҳәллемиз бадминтоншылары» жарысының қалалық ҳәм районлық басқышлары өткерилген еди.

Бул жарысларға төрт мыңнан аслам 30 жасқа шекемги жас шаңарақлар ҳәм 11 жастан 14 жасқа шекемги жаслар, соннан 600 ден аслам кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары қатнасты.

12-июль күни пайтахтымызда усы жарыстың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда 30 шаңарақтың 30 ул ҳәм қыз балаларынан дүзилген 15 команда өз-ара күш сынасты.

Жарысты шөлкемлестириўдиң тийкарғы мақсети, елимизде спорттың бадминтон түрин еле де кеңирек үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, жасларды спортқа кеңнен тартыў, оқыўшылардың оқыўдан бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў, өсип киятырған жас әўлад арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жас шаңарақлардың аўызбиршилигин ҳәм татыўлығын буннан былай да күшейтиў  болып есапланады.

Жарыс нәтийжеси бойынша 30 жасқа шекемги шаңарақлар (ер ҳәм ҳаял) арасында Нөкис қаласынан М.Исметуллаевлардың шаңарағы биринши, Қараөзек районынан Д.Султановлардың шаңарағы екинши, Хожели районынан А.Мамбеталиевлердиң шаңарағы үшинши орынды ийеледи.

11-14 жасқа шекемги ул балалар арасында Нөкис қаласынан Д.Асқаров биринши, Хожели районынан С.Араздурдиев екинши, Қараөзек районынан Н.Сарқытбаев үшинши орынды ийеледи. Ал, қызлар арасында Нөкис қаласынан З.Шарипова биринши, Төрткүл районынан Б.Мадаминова екинши, З.Генжемуратова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен таярланған естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.