Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында тест сынақлары нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер 20-августтан 30-августқа шекемги болған мүддетте Өзбекстан билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланған апелляция комиссиясына жазба ямаса электрон формада апелляциялық шағым арзасын бериў ҳуқықына ийе болады.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында бакалавриатқа тест сынақларысыз, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабылетиў бойынша билимлендириў бағдарларының дизими де тастыйықланды. Бул ҳаққында бираз алдын хабар берген едик.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги