Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен  жоқары қәнигели сырт елли профессор-оқытыўшыларды сабақ процесслерине кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Қазақстан Республикасының “QS World University Rankings” 500 лигине киретуғын Қазақстан миллий аграр изертлеў университети менен дүзилген еки тәреплеме шәртнама тийкарында усы жоқары оқыў орнының “Шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў технологиясы” кафедрасының профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Серғали  Мырзағулов студентлерге сабақ өтпекте.


Филиал директоры менен болған ушырасыўда өз-ара дослық қатнасықлары тийкарында орнатылған байланысларды буннан былай да беккемлеў, бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм илимий потенциалдың тартымлылығын арттырыў бойынша биргеликте жумыс алып барыў жөнинде сәўбетлесилди. Келешекте тек ғана профессор-оқытыўшылар емес, ал студент-жаслар арасында да алмасыў бағдарламасы тийкарында билим алыўын жолға қойыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қазақстанлы профессордың филиалдың студент жасларына ҳәпте даўамында 36 саат сабақ өтиўи режелестирилген. Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, буннан алдын усы университеттиң “Микробиология ҳәм вирусология” кафедрасының профессоры Рая Мықтыбаева филиал студентлерине сабақ өтип, өз билими менен ортақласқан едик. Ҳәзирги ўақытта С.Мырзағулов  “Зооинженерия”  (жылқышылық ҳәм түйешилик) бағдарында билим алып атырған 3-курстың студентлерине шарўашылық бағдарында лекция оқып, олардың билимин беккемлемекте. Сондай-ақ жасларға  Қазақстандағы шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы  мағлыўматлар берип өтти.

-Қарақалпақстан Республикасына биринши мәрте келиўим,-дейди профессор С. Мырзағулов.-Қарақалпақ туўысқанлардың  миймандослығы ҳәм жақсы қатнасықлары маған жүдә мақул болды. Филиал жәмәәти ҳәм студентлер менен тез табысып кеттик. Олар ҳәр бир баянатымды қызығыўшылық пенен тыңламақта. Нөкис туўралы көплеген тәсирлерге ийе болдым.

Студентлерге заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында сабақлар өтилип, қәнигелик бойынша билим және көнликпелери беккемленбекте. Өткерилген сабақлар жақын келешекте өзиниң унамлы нәтийжесин бериўи сөзсиз

Филиал тәрепинен бүгинги күнге шекем Германия, Россия Федерациясы, Беларусь, Украина, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шәртнамасы ҳәм меморандумларға қол қойылыўына ерисилмекте. Бул болса, келешекте филиалдағы илимий тараўдың раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги