Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Нөкис қалалық бөлими тәрепинен дузилген мәҳәлле жаслары арасында «Биз ақыллы ҳәм саналы шаңарақлармыз» атамасында шахмат ҳәм шашка бойынша спорт ойынларының қалалық басқышы болып өтти.
Өткерилген ойынлар тийкарынан 9 жастан 14 жасқа шекемги жасларды спортқа тартыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Жарыс жуўмағында шашка бойынша «Жолшылар» МПЖ дан Н.Мырзабаева биринши, «Қум Аўыл» МПЖ дан Ш.Жаңабаева екинши, «Халықлар дослығы» МПЖ дан Ф.Жолдасбаева ҳәм Ш.Джаңабаевлар үшинши орынды ийеледи. Ал, шахмат бойынша «Жолшылар» МПЖдан Ж. Досыбаев биринши, Ҳ.Көшкинбаев екинши, «Халықлар дослығы» МПЖдан И.Мәмбетниязов ҳәм «Жолшылар» МПЖдан А.Мусаевлар үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
А.Назарова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
(Қарақалпақстан хабар агентлги)