Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларында Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен “Ҳәр бир мәҳәллеге китап” жойбары әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң 2022-жыл 20-декабрдаги Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында ҳәр бир мәҳәлледе китапхана шөлкемлестириў кереклиги атап өтилген еди. Усы мақсетте  Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен “Ҳәр бир мәҳәллеге китап” жойбары шөлкемлестирилди.

Жойбар тийкарында Шымбай районындағы Абат мәкан, Жипек жолы, Шахтемир, Оржап, Дослық ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйынларына китаплар топшамы саўға етилди.

Республикамыздың қала ҳәм районларында пуқаралар жыйынларына китаплар топламын тапсырыў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги