Жынаят ҳәм жаза

Елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, оның алдын алыў, бойынша жақсы жумыслар исленбекте. Соған қарамастан жынаятшылық жийи-жийи ушырасып турмақта. Әсиресе, мине усындай жынаятшылыққа жаслардың, ҳаял-қызларымыздың да қол урыўы оғада ашынарлы жағдай.

Суд материалларына бола, 2022-жыл 16-октябрь күни тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен ҳуқық бузыўшы С.Анын пайдаланыўындағы «Редми 7А» маркалы қол телефоны көзден өткерилгенинде, оның интернеттеги «Telegram» социаллық тармағында ҳәр қыйлы диний мазмундағы видеороликлер бар екенлиги анықланады. Соң ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен уялы телефон айғақлы зат ретинде ҳүжжетлестирилип, Хожели районы ИИБне ўақтынша сақлаўға тапсырылады.

Бул телефондағы видео роликлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң экспертлериниң жуўмағына муўапық, диний мазмундағы файллар екенлиги ҳәм бундай файллардың қадаған етилген диний мазмундағы өнимлер қатарына жататуғынлығы дәлилленеди.

Жүз берген ўақыя Жынаят ислери бойынша Хожели районы суды мәжилисинде көрилип шығылып, ҳәр тәреплеме тереңнен үйренилип, ҳуқықбузыўшы С.А тийисли жазасын алады.

Усы жерде ҳәр қандай жынаяттың, әлбетте жазасыз қалмайтуғынын ол билмес пе еди?, -деген орынлы сораў туўылады. Елимизде халқымыз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Ол усы шараятлардан пайдаланып, мазмунлы өмир кеширсе болмас па еди?.

С.Атамуратова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги