Жынаят ҳәм жаза
Бир күн жәнжел болған үйден қырық күн берекет қашады. Ата-бабаларымыз бул мақалды турмыстан түйип, дәлиллеп, изиндегилерге айтып қалдырған. Ал, Пайғамбарымыз ҳәдислеринде: «Қоңсы-қобалар, ағайин-туўғанлар менен татыў қарым-қатнаста болыңлар» деп билдирилген ҳәм бир-биреўдиң ортасына иритки салатуғынлар, ғыйбатшылар аўыр гүнаға гирипдар болатуғынлығы уқтырып өтилген.
Ата-бабаларымыз әзелий тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасаўды мақул көрген. Тыныш, аўызбиршиликли елде ырысқы-несийбе мол болатуғынлығын әўладлардан-әўладларға уғындырып келген. Мәмлекетимизде халқымыздың тынышлығын сақлаўда үлкен әмелий илажлар иске асырылып атыр. Ҳәр бир инсанның өз турмысынан разы болып жасаўы мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып, инсан мәпи улығланып келмекте. Солай болса да, арамызда халқымыздың тыныш турмысына иритки салатуғын, өзлериниң жеке мәпи ушын айырым адамларды изине ертип, бузғыншы идеялар менен жүрген кимселерди ушыратыўымыз өкинишли.
Республикамыздың Хожели районында l967-жылы туўылып, усы елдиң нанын жеп, камалға келген, үш перзенттиң әкеси Қ.Р. тыныш жасап атырған турмысынан «тойып секирип», жынаятқа қол урды. Ол 2020-жылы октябрь айында Хожели районы «Сары шүңгил» аўыл пуқаралар жыйыны «Қумбыз аўыл» көшесинде жасайтуғын танысының үйине бирнеше пуқаралардың жыйналғанынан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы аймақлық бирлигин Конституцияға қайшы рәўиште бузыўға ашықтан-ашық үндеў, нызамсыз митингке шақырыў, сепаратизм идеялары менен мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясатқа сын ҳәм тийкарланбаған қарсы пикирлер бар болған видеоматериалларды таярлап тарқатыў мақсетинде барған. Сол жерде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағын жайып таярланған «Мы требуем независимость!», «Биз азатлық тәрепдарымыз, алға Қарақалпақстан!» ҳәм «Қарақалпақстан азат ҳәм еркин болыў керек» деп жазылған плакатларды услап турып: «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан Республикасы активистлери, өз елимизди, жеримизди қолымыздан кетип қалмаслығы ушын, миллетимизди, тилимизди сақлап қалыў ушын ертеңги он төртинши октябрь күни Жоқарғы Кеңестиң алдына азатлығымызды талап етип шығыўға шақырып қаламан, буған ҳақымыз бар. Алға, Қарақалпақстан!» деп сөйлеп турып видеоға түсип, оны тарқатыў мақсетинде таярлаған.
Буннан тысқары, интернет дүнья жүзилик хабар тармағына «Jal2as Tore Murat» атлы канал арқалы «Демонстрация сторонников Алга Каракалпакстан! г.Нукус, Каракалпакстан» деп аталыўшы бир қанша пуқаралар менен тил бириктирип таярлаған видеоматериалды жайластырыўға себепши болған.
Халқымыздың тынышлығын бузатуғын бундай ҳәрекетлер изсиз қалмады. Өзбекстан Республикасы хабар ҳәм ғалаба коммуникация тараўындағы эксперт комиссиясының 2022-жыл l4-июнь күнги жуўмағында «экспертизаға усынылған 2 (еки) дана ДВД дисктеги материаллар мазмунына бола, Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы, Өзбекстан Республикасы аймақлық бирлигине қәўип салыўшы, нызамсыз митингке шақырыў, сепаратизм идеологиялары менен суўғарылған, сондай-ақ, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясатқа надурыс сын ҳәм тийкарланбаған қарсы пикирлар бар болған қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды өз ишине алған»лығы көрсетилген. Соның ушын, ол өзиниң ислеген жынаятлы ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексинде көрсетилген жынаятты қастан ислеген.
Қ.Р. көрсетпесинде: «Jal2as Tore Murat» атлы каналдың ийеси хожелиши екенлигин, бирақ, оны танымайтуғынлығын, тек интернет тармағындағы видеороликлерин көрип, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм тили ҳаққындағы мағлыўматларды каналына жайластырып баратуғынын, бирақ, тил бириктирмегенлигин, видеоға түскенин, бирақ, оны ким түсиргенлигин билмейтуғынлығын айтып жеңиллик бериўди соранған. Лекин, жынаят исленди. Енди оның мәмлекетимиз нызамшылығында белгиленген жазасы бар, әлбетте.
Ҳәр бир инсан ҳәр қандай исти ислеўден алдын «Бул исим дурыс па?» деген сораўды өзине қойып, оннан жуўмақ шығарса, бундай жынаятқа алып келетуғын ҳәрекетлер болмас еди. Ата-бабаларымыздан қалған «Дузын жеп отырып дузлығына түпирген» деген гәп бар. Буны естен шығармағанымыз мақул!
Қарақалпақстан хабар агентлиги