Исбилерменлик субъектлери тәрепинен жүклерди автомобиль транспортында қалада, қала әтирапында ҳәм қалалараралық тасыў жумысы менен шуғылланыў ушын лицензия алыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-6044-санлы Пәрманына тийкарланып бийкар етилген.
Исбилерменлик субъектлери тәрепинен автомобиль транспортында жүклерди халықаралық жөнелислер бойынша тасыў жумысы менен шуғылланыў ушын лицензия алыныўы керек. Онда, талапкер Ҳүкиметтиң 636-санлы қарарына тийкарланып Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса ЖИМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги