Егер мен қашандур жақсы сөзге мүтәж болғанымда… Сизди излеймен… Егер мениң қайсыдур исиме жигер керек болғанда, Сизди излеймен… сыр айтып сырныққым келсе, Сизди излеймен. Не ушын? Себеби, сиз «жанлы сөз» бенен адамға дәрман боласыз, қәлбиңиздеги зия менен кеўилди нурландырасыз. Егер мен исениўге болатуғын кимдидур излесем, «мениң ядыма дәрҳал сиз түсесиз» … (И.Ю.) Булар сизиң адамгершилик пазыйлетиңиздиң тек бир тәрепи ғана.

Егер менде, яки әтирапта, мейли жәмийетте қандай да жаңалық ямаса машқала жүз берсе де, Сизди излеймен… Өйткени, сиз ҳеш қашан «үндемей тура алмайсыз» (Л.Толстой)… Бул сизиң журналистке тән батыллығыңыздың да тек бир тәрепи…

Журналистлик батыллық демекши, ядымызда алп тулғалар сыпатында мөрленип қалған Даўлетбай Шамшетовтан, Марат Аралбаевтан, қарақалпақтың туңғыш академигиниң жүрек тусында өмир бойы ардақлаған муҳаббатынан, ҳәр ким де жанына жақынлай бериўге батына алмаған уллы шайыр Ибрайым Юсуповтан, «Дембермеске деми жеткен» Тамара Дошумовадан, қарақалпақ әдебиятының ең дәслепки алымы Нәжим Дәўқараевтың келини Әсия Жумамуратовадан ким сиздей болып «таңлайда татырлық» ширели интервьюлер ала алды? Редакцияның «Қайтпас қаралығы ушын» деген сыйлығына сизден басқа және ким миясар болды?

Жазғанларыңызды оқып отырып: «Тамара апа жазған қаҳарманларының бәри де өз тараўының нарқасқалары яғный кешеги ҳәм бүгинги күнниң де ең атақлы адамлары екен-әй, ишинде нәментайы, «кеўли қалмасын, қатарда жүреғойсын» деген биреўи жоқ ғой» деп таңландым.

Расы да сол, ҳеш бир қаҳарманыңыз әпиўайы, қатардағы «күн қаҳарманы» ғана болып қалған, мапазлық адам емес. Ҳәттеки биразлары сол ўақыттағы «күн қаҳарманы» болған болса да, соңынан атақлы дәўир қаҳарманына айналған… Қызық сораў: – Сиз олардың атақлы болатуғынын алдыннан қалай билгенсиз? Я болмаса сизиң «түсиңизде қолыңызға қонған ақ қустан алған ақ пәрли» қәлемиңиздиң сыйқыры ма?!

Үш алтын медальдың ийеси, ҳәзир дүнья тән алған физик алым Әлийшер Сәнеттуллаев туўралы, ҳәзирги күнде қазағы, өзбеги, қарақалпағы–бәри жабылып «бизиң ул, бизиң ул» деп таласып жүрген Жеңисбек Пиязов ҳаққында, қаракеңниң қара баласы деп мақтаныш ететуғын Мақсет Өтемуратов жөнинде де дәслепкилерден болып Сиз жазыпсыз… Тек жазып ғана қоймапсыз, олардың бүгинги атақ-мәртебелерине анық-тынық силтеме бергенсиз.

«Аты шыға шапқан», көз алдымызда найзағайдай жарқ-журқ етип, елди бир дүрликтирип, изинше суўға шайылған топырақтай изсиз кеткен күн қаҳарманлары ҳәмме тараўда да болған, еле де бар. Олар туўралы да жазыў журналистлердиң миннети. Бирақ негедур сиз нәзер таслағанлардың ҳеш бири де осал адамлар болып қалмаған.

«Газета– тарийхтың дәслепки қараламасы» (Филип Грэм) деген қанатлы сөзге сүйенсек, сизиң жазғанларыңыз тарийхтың биринши қараламаларын журналистлер жазатуғынының әмелдеги тастыйығы десем, келисесиз бе?

Бәлким, «Булар–болажақ журналистлер» деген «Ректордың бир аўыз сөзи»н кәсиплик ар-намысыңызға айналдырып, «санаңызға орнықтырып, көкирегиңизде уғынғаныңыз» сизге бул қүдиретти инәм етти ме екен?

Қәдирли, Тамара апа! Бир аўыз сөз дегеннен шығады, Сизиң де бир аўыз сөзиңиз мениң уллы ислериме импульс бергенин бурын да айтқан едим, еле де көп айтып жүрсем керек.

«Тез жақлаўың керек» деген сөзиңиз суўлыққа таслап турған атқа қамшы урғандай болып еди сол ўақыт… «Жақсы атқа бир қамшы» деген халықтың бир аўыз ҳикметли сөзин тастыйықлап, диссертациямды тез жақлап шыққан едим.

Диссертация қорғаған күни банкетте Сизди анам менен таныстырдым. Анам сорады: «Мына жарқылдаған келиншек ким? – Тамара Машарипова деген журналист апа ғой. –Яғай, айнанайын, сондай адамлар менен жүрсең бе? Түп-түп… тил-жағым тасқа» деп маған таңланып қарап, меннен сиз бенен бирге сүўретке түсириўимди өтиниш етти. Сол ўақытта оған онша мән бермеген едим. Енди ойласам, анам сизди «таныйтуғын екен ғой».

«Бақлаўшы, баҳа бериўши, өлшеўши ең әдил тәрези – халық. …жуўапты әдиўли оқыўшыларымыз берсе керек» деп өзиңиз айтқаныңыздай, мениң анам сизиң сол әдиўли оқыўшыларыңыздың бири болғанлықтан сизди «ТАНЫҒАН екен».

«Алдыңда аққан суўдың қәдири жоқ» демекши, жанымыздағы жақсыларды өз ўақтында жақсы таныў ҳәм танытыўға онша уқыбымыз жоқ екенлигин мен де бүгин мойынлаўға мәжбүрмен.

Жасыңызға жас қосыла берсин! Сиздей «Сөзи жанлы» талантлы илимпаз қызын халқымыз өз ўақтында қәдирлеп, ТАНЫСЫН, ИЗЛЕСИН!

 

Гүлбәҳәр БЕГМУРАТОВА,

филология илимлери бойынша философия докторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги