Бәҳәр жанланыў ҳәм жасарыў пасылы. Бағларда қуслардың сайраўы, жарқыраған қуяштың жағымлы нурлары, өлпең самал оның елимизге кирип келгенинен дәрек береди. Бул мәўсимниң кирип келиўи менен елимизде халқымыз ушын оғада әзийз есапланған байрамлар да  басланып, олар кең түрде белгиленип өтиледи.

8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар күни  мүнәсибети менен Шоманай районындағы мәденият сарайында «Байрам мубәрек-әзиз аналар» атамасында саз-сәўбетли байрам кешеси болып өтти.

Онда район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақтың ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлап, олардың жәмийетимизде тутқан орны ҳәм атқарып атырған хызметлерин жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, кешеде халық хожалығының  ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет етип киятырған белсенди ҳаял-қызларға, нураный апаларға район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.



Соңынан кешеде  илаж қатнасыўшыларына районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойып берилди.




Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, шоманайлы нураный устаз Алмагүл Зайырова Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң 2023-жыл 28-февральдағы қарары тийкарында, «Муътабар аёл» көкирек белгиси, нураный муғаллим Зийўар Ешмуратова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2023-жыл 6-марттағы қарарына муўапық «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўға миясар болды.  Бул әлбетте, республика ҳүкимети тәрепинен Шоманай районы ҳаял-қызларының мийнетлери мүнәсип түрде баҳаланып атырғанынан дәрек береди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы