Өз заманының алдыңғы ой-пикир ийелери болған жадидлер оғада қурамалы ҳәм қыйын шараятта билим ҳәм ағартыўшылықты тарқатыў, тәлим-тәрбия тараўын түпкиликли реформалаў арқалы миллий раўажланыўға ерисиў идеясы менен ортаға шықты. Ҳүрметли Президентимиз айрықша атап өткениндей тарийхта еки уллы Ренессансқа тийкар болған регионымызда үшинши Ренессансты жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Тилекке қарсы, езиўши дүзим олардың ийгиликли идеялары менен әмелий ҳәрекетлерин толық жүзеге шығарыўға имканият бермеди.

XVII-XIX әсирлерде улыўма миллий мәплер орнында тар ҳәм шекленген, жеке мәплердиң үстем қойылыўы жәмийет турмысында руўхый әдеп-икрамлық қәдириятларды беккемлеўге жеткиликли дәрежеде итибар берилмегенлиги Өзбек мәмлекетиниң кризиске ушыраўына ғәрезсизлигимиздиң қолдан берилиўине, Түркстанда тоталитар дүзиминиң орнатылыўына алып келди. Соған қарамастан терең тарийхый тамырларға ийе болған миллий идеялар жоқ болып кетпеди. Керисинше тоталитар дәўирде миллий мәмлекетшиликти тиклеў миллет раўажланыўы ҳәм келешеги ушын гүрес байрағы сыпатында және де алға сүрилди.

Бул умытылыўлар XIX әсирде ағартыўшылық идеялары менен шыққан Ахмед Даныштың  көз қарасларында XX әсир басында жүзеге келген жәдидшилик ҳәрекетиниң ўәкиллери Беҳбудий, Фитрат, Шолпан, Муннаўар Қары, Абдулла Авлонийлер мийнетлери ҳәм хызметлеринде және де күшейди. Жадидлер Түркистандағы халықларды бирлестириў ҳәм пүткил үлкениң миллий ғәрезсизлиги ушын гүрес идеясын алға сүрди. XIX әсирдиң 60-80-жылларына келгенде Орайлық Азия ямаса Түркстан халықлары Россия империясы тәрепинен жаўлап алынды. Өзбекстан халқы өзиниң соңғы 130 жылдан  аслам өмирин Россия империясының қол астында өткерди. Усы дәўирде Өзбекстан халықларының ҳуқуқлары, миллий үрп-әдети дәстүрлери аяқ асты қылынды. Өзбекстан халықының миллий идеясы XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басына пайда болды. Түркистан аймағында көплеген зиялылар өсип жетилисти. Бул ағартыўшы зиялылар тарийхқа жадидлер аты менен кирди.

Жадидлер ҳәрекетиниң тийкарғы принциплери бул «Азатлық», «Теңлик», «Әдалат» болған. Жадидлердиң тийкарғы идеялары-бул Түркстанды ғәрезсиз жағдайда көриў ямаса Түркистан автономиясын дүзиў болған ҳәм бул бойынша көплеген илажларды иске асырыўға ҳәрекет еткениниң тарийхый мағлыўматлардан билиўге болады.

Жәдид ҳәрекетиниң раўжланыўы олардың реформалар өткериў арқалы билимлендириўди ҳәм басқада тараўларды жақсылаўға болған умтылыслары бизге тарийхый мағлыўматлардан мәлим. Жадидлер ҳәрекетиниң барлық дәўирлери советлер ҳәкимияты тәрепинен үзликсиз қарсылыққа ушырап келди. Түркстандағы жәдидлер ҳәрекетиниң сегиз басқышқа бөлиниўи тарийхый мағлыўматларда берилип өтилген. Жадидлер тәрепинен Түркстан үлкесинде сиясий партиялардың дүзилиўи ҳәм бул сиясий партиялардың тийкарғы ўазыйпалары Түркстан  ғәрезсизлигине ерисиў болған.

Бүгинги күнде Түркстан үлкесин ғәрезсиз мухтарият етиўге ҳәрекет еткен мәрипатшы ғайраткерлер Махмудхожа Беҳбудий, Мунаўўар Қары, Абдулла Авлоний, Абдулла Қадирий, Абдулҳамид Шолпан, Убайдулла Хожаев, Файзулла Хожаев, Абдурауф Фитраттың ҳызметлерине илимий дөретиўшилик мийнетлерине айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Әлбетте, жадидлердиң идеялары бүгинги күни мәмлекетимизде еркин пуқаралық жәмийети, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўда айрықша әҳмийетке ийе болып, жадид бабаларымыздың гуманистлик көзқарасларына сүйенемиз, олардың мийрасынан руўхый күш-қуўат аламыз.

 

Саламат Сулайманов,

 ҚМУдың тарийх факультети деканы,

тарийх илимлериниң кандидаты, доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги