Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде ардақлы ҳаялға үлкен ҳүрмет көрсетиў, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орны ҳәм абырайын арттырыў, сондай-ақ, өзиниң көп жыллық жемисли мийнети, бай тәжирийбеси менен бүгинги түпкиликли реформаларымызда белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын жоқарылатыў жолында баслама ҳәм үлги көрсетип киятырған, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосып атырған апа-қарындасларымызды мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде төмендегилер орден ҳәм медаллар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Хожаметова Замира Жумабаевна – Қоңырат районындағы «Kungrad agro-solodko system» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

«Дўстлик» ордени менен

Каипова Гүлистан Сарсенбаевна – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлиминиң шыпакери

 «Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Алеуова Гүлистан Усербаевна – Қарақалпақстан Республикасы прокурорының халықаралық-ҳуқықый мәселелер бойынша үлкен жәрдемшиси

Расулова Лола Анваровна – Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Хожели» шегара бажыхана постының үлкен инспекторы

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Айтмуратова Сарбиназ Елмурат қызы – Нөкис қаласындағы Жаслар технопаркиниң инновациялық жойбарларды тартыў ҳәм таңлап алыўды шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Даўлетмуратова Зулхумар Мақсетовна – Хожели районындағы 2-шаңарақлық балалар үйиниң директоры.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 6-март